Россия президенти жанындағы аўыл хожалығы ҳәм мәмлекетлик хызметлер академиясының (FESN RANXiGS) социаллық-гуманитар илимлер кафедрасының доценти Игорь Загарин Тәжикстандағы Сарез көлиниң сатылыўы Өзбекстанға қандай тәсир көрсетиўи мүмкинлиги ҳаққында өз пикирлерин билдирди. Бул ҳаққында Sputnik басылымына тийкарланып Daryo.uz хабар бермекте.

– Қытай Тәжикстаннан дерлик пүткил көлди сатып алды ҳәм ол жерде ишимлик суўын ислеп шығарыўды жолға қойыўды режелестирмекте. Бул қоңсы мәмлекетлерге белгили бир машқалаларды келтирип шығарады, биринши гезекте Өзбекстанға, – деп есаплайды эксперт.

Игорь Загаринниң айтыўына қарағанда, қытайлылар Орайлық Азия ресурсларын өзлестириўди оғада тез ҳәм кескин түрде әмелге асырмақта.

– Өзбекстан Тәжикстан ҳәм Қырғызстан аймақларынан алынатуғын суў ресурсларына байланып қалған. Рогун ГЭСиниң қурылыўы да мәмлекеттиң суў балансын бузыўы мүмкин, – деп айтып өткен Загарин.

Еслетип өтемиз, алдын басқа бир россиялы эксперт – Андрей Грозин Тәжикстан Сарез көлин Қытай компаниясына сатыўы Өзбекстандағы суў менен байланыслы жағдайға тәсир етпеўин билдирген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги