Қарақалпақстанда аўыр турмыс шараятында жасап атырған 1 мың 779 ҳаялыз барлығы анықланып, оларға 1 миллиард 78 миллион 474 мың сум муғдарында материаллық ҳәм 551 ҳаялызға медициналық, социаллық жәрдемлер көрсетилди. Майыплар арбашасына мүтәж 96 майып ҳаялыздың 69 ына арбаша алып берилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ҳаялызлар комитетиниң усы жылдың екинши шерегинде әмелге асырған жумысларының жуўмағына ҳәм келешекте исленетуғын жумысларға арналған мәжилисинде хабар берилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 2-февраль күнги «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында аймақларда жәрдемге мүтәж болған аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға мәнзилли жәрдем көрсетиў илажлары белгилеп берилди.

Мәжилисте республикамыздың қала ҳәм районларының ҳәким орынбасарлары – Ҳаял-қызлар комитети баслықлары, жуўапкер министрликлердиң, уйымлар менен ведомстволардың басшылары ҳәм хызметкерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет  қатнасықлары, Денсаўлықты сақлаў министрликлериниң, «Тадбиркор аёл» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң, «Орайлық банк»тиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының ўәкиллери ҳәм басқалардың есабатлары тыңланды.

Олар республикамызда өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ҳаял-қызлар арасында жынаятшылық (49 процентке), шаңарақлардың ажырасыў жағдайлары (3,5 процентке), нәрестелер өлими (еки жағдайға) азайғанын атап өтти. Соның менен бирге, аналар өлими, алдаўшылық артқан. 15-16-17 жаслы өспирим қызлар арасында туўыўшылық болмады.

Елликқала ҳәм Төрткүл районларында қамақ жазасын өтеп атырған еки ҳаялға Ҳаял-қызлар комитети кепил болып, азатлыққа шығарылды, сондай-ақ, биреўиниң жазасы жеңиллетилген үй қамағы жазасына алмастырылды. 12 мың 540 ҳаял-қыздың шет еллерге шығып, жумыс ислеп атырғаны анықланған ҳәм олардың 48,6 процентине республикамыздың өзинен жумыс таўып берилген.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы