21-сентябрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенаты мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Жалпы мәжилистиң екинши күни сенаторлар тәрепинен дәслеп «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына арнаўлы экономикалық зоналар жумысын муўапықластырыў ҳәм басқарыў системасын әпиўайыластырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде киши исбилерменликти раўажландырыў, оған ҳәр тәреплеме кең имканиятлар жаратыў ҳәм бул бағдарда инвестициядарды тартыўға қаратылған избе-из реформалар алып барылмақта.

Бул нызам менен «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы нызамға арнаўлы экономикалық зоналардың ҳәкимшилик кеңеслери сапластырылғаннан соң, олардың ўазыйпалары арнаўлы экономикалық зоналар дирекцияларына ҳәм бирден-бир дирекцияларына жүклениўин нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, арнаўлы экономикалық зоналар аймағында инвестиция жойбарларының бизнес-режелери ямаса техникалық-экономикалық тийкарларына экспертиза жуўмақлары алыў талабы бийкар етилмекте. Жойбарлардың бул нызамда белгиленген талапларға муўапықлығы ҳаққында жуўмақ арнаўлы экономикалық зоналар дирекциялары тәрепинен еркин түрде қабыл етилетуғыны белгиленбекте.

Бул нызамның қабыл етилиўи арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын муўапықластырыў ҳәм басқарыў системасын әпиўайыластырыўға, инвестициялар тартыў ушын шараятларды жақсылаўға, инвестиция жойбарларын жедел әмелге асырыўды тәмийинлеўге, усы тийкарда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Исбилерменлик субъектлери тәрепинен есабатларды мәмлекетлик уйымларға усыныў процесслериниң әпиўайыластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 24110-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен алып барып атырған ашық сөйлесиўи нәтийжесинде 2024-жылы 9-январьда «Исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға есабат ҳәм статистикалық мағлыўматларды усыныў процесслерин және де әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Қарар менен 2024-жылдан баслап өз-ара бир-бирин тәкирарлаўшы ҳәм мәмлекетлик уйымлардың басқа уйымлардан алыў имканияты болған 34 түрдеги есабат ҳәм стастика мағлыўматлары бийкар етилди.

Бирден-бир дизимге киргизилмеген есабатларды исбилерменнен талап етиў қадаған етиледи ҳәм есабатлар тек ғана мәлимлеме системалары арқалы усынылатуғыны белгилеп қойылды.

Бир-бирин тәкирарлаўшы тийисли мәлимлеме системаларындағы есабатлар бийкар етилиўи нәтийжесинде, ҳәр жылы 21,5 мың исбилерменлердиң 500 миллион сум қаржылары үнемленип қалынып атырғанын атап өтиў керек.

Ең тийкарғысы, қарарда исбилермен мәмлекетлик уйымларға усынатуғын есабат ҳәм статистикалық мағлыўматлардың бирден-бир дизими тастыйықланып, оған киргизилмеген есабатларды исбилерменлик субъектлеринен талап етиў қадаған етилди.

Соның ушын мәжилисте додаланған нызам сенаторлар тәрепинен есабатларды мәмлекетлик уйымларға усыныў процесслериниң әпиўайыластырылыўы мүнәсибети менен есабатларды қабыллаўшы уйымлардың жуўапкершилик илажларын күшейтпекте.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға усынатуғын есабат ҳәм статистика мағлыўматларының бирден-бир дизимине киргизилмеген есабатларды исбилерменлик субъектлеринен талап етип алғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Бул нызам мәмлекетлик уйымлардың есабатларды талап етип алыў бағдарындағы жуўапкершилигин арттырыўға ҳәм исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға хызмет етеди.

Додалаўдан соң нызам мақулланды.

Соның менен бирге, гезектеги жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен «Мәмлекетлик мүлкти басқарыў тараўының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, елимизде мәмлекетлик мүлкти басқарыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў, қолайлы инвестиция орталығын жаратыў, мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын қысқартыў, мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Нызам менен бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Соның ишинде, меншиклестирилмейтуғын мәмлекетлик мүлкти, сондай-ақ, мәмлекетлик шөлкемди хожалық жәмийети етип өзгертиў ҳаққындағы қарар қабыл етилген күннен баслап ҳәм усы процесс жуўмақланғанға шекем бул мәмлекетлик шөлкемге оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бириктирилген мәмлекетлик мүлк гиреўге берилмейтуғынын белгилеўши норма киргизилмекте.

Буннан тысқары, «Қәўендерлик ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер киргизилип, устав фондындағы (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған хожалық жәмийетлериниң қәўендерликке жумсалатуғын ҳәр жылғы қәрежетлери өткен жылда алынған сап пайданың 3 процентинен артпаўы керек екенлиги атап өтилмекте.

Сондай-ақ, бул қәрежетлер олардың бизнес-режесиниң өткен есап бериў дәўириндеги сап пайдаға тийисли бөлегиниң көрсеткишлери орынланғанда әмелге асырылатуғыны белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи мәмлекетлик мүлкти басқарыў тараўын жетилистиреди. Арнаўлы ўәкилликли уйымның ўәкилликлери ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилеў арқалы жеке меншик мүлкшилик кеңейтиледи. Меншиклестириў процесслери ашық-айдын болыўын тәмийинлейди.

Қызғын додалаўлардан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың елиў жетинши жалпы мәжилисинде «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына мәмлекетлик сатып алыўлар системасын және де жетилистириўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Нызамда еки басқышлы мәмлекетлик сатып алыўлар, киши баҳадағы сатып алыў ушын әпиўайыластырылған тәртип, орайласқан мәмлекетлик сатып алыўлар ҳәм шекленген келисим сыяқлы жаңа механизмлер енгизилиўи нәзерде тутылған.

Мәмлекетлик сатып алыўларда «турақлылық» принципи менен толықтырылып, мәмлекетлик буйыртпашылар қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли экономикалық, экологиялық ҳәм социаллық тәсирлерди есапқа алған ҳалда турақлы мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўы нәзерде тутылмақта.

Мәмлекет буйыртпашысы, соның ишинде, бюджет буйыртпашысы, зәрүрликке бола, ең жақсы усынысларды таңлаў ямаса тендер нәтийжелери бойынша 1 жылдан 4 жылға шекемги мүддетке шекленген келисим дүзиўи мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Нызам менен исбилерменлик субъектлерине қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде электрон дүкан ҳәм аукцион саўдаларында резерв жеңимпазы болыўы мүмкин екенлиги, егер жеңимпаз тәрепинен шәртнама дүзиў бийкар етилген жағдайларда оларға шәртнама дүзиў усынысы берилетуғыны нәзерде тутылмақта.

Мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында шағымларды көрип шығыў бойынша комиссия жумысында мәплер соқлығысыўына жол қоймаў тийкарлары нызамда анық көрсетилмекте.

Бул нызамның қабыл етилиўи мәмлекетлик сатып алыўлар системасын жетилистириў арқалы ашық-айдынлықтың тәмийинлениўине, тараўда бәсеки орталығының және де күшейтилиўине, мәмлекетлик буйыртпашылар ушын қолайлы имканиятлар жаратылыўына ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар процесине исбилерменлерди кеңнен тартыўға хызмет етеди.

Додалаўдан соң нызам мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде нызам дөретиўшилиги жумысының сапасын түп-тийкарынан арттырыў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый жақтан тәмийинлениўин жетилистириў мақсетинде Сенат комитетлери тәрепинен 2020-жылы бир қатар нызамлардың орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелияты үйренилип, нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи бойынша мониторинг әмелге асырылған еди.

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегерасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының орынланыў жағдайы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты талланғанда бул нызамда қайта үйренип шығылыўы ҳәм жетилистирилиўи зәрүр болған нормалар бар екенлиги анықланды.

Буннан соң жаңа редакциядағы «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасы ҳаққында»ғы нызам қабылланып, онда елимиз Мәмлекетлик шегерасын белгилеў, өзгертиў, сақлаў ҳәм қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў тийкарлары, бул тараўдағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықый статусы беккемленди.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасын өткериў пунктлери арқалы кесип өтип атырған физикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери, сондай-ақ, шахслардың, транспорт қуралларының ҳәм товарлардың өткерилиўин ўақтынша шеклеўге ямаса тоқтатып турыўға байланыслы тийкарлардың толық дизими белгиленди.

Солай болса да, ҳуқықты қолланыў әмелиятында мәмлекетимиздиң Мәмлекетлик шегарасын белгилеў, өзгертиў, сақлаў ҳәм қорғаў тараўына байланыслы айрықша түсиниклер түрлише талықланыўының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў зәрүр екенлиги көзге тасланбақта.

Соның ушын додаланған нызам менен Өзбекстан Республикасы айырым нызам ҳүжжетлериниң, атап айтқанда, 5 кодекс ҳәм 8 нызамның айырым атларын «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегерасы ҳаққында»ғы нызамға муўапықластырыўды нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлар усыныс етилип атырған нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасын белгилеў, өзгертиў, сақлаў ҳәм қорғаў тараўындағы түсиниклердиң анық ҳәм бирдей қолланылыўына, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлериниң ўәкилликлерин анықластырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаўлардан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Мәмлекетимизде халықтың денсаўлығын сақлаў ҳәм және де жақсылаў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оларды емлеў, сондай-ақ, адамлардың денсаўлығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыўға қаратылған илажлар әмелге асырылмақта.

«Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы нызамда медициналық мағлыўматқа ийе болмаған шахслар Денсаўлықты сақлаў министрлиги Халық тәўипшилиги усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсетиў жумысын лицензиялаў бойынша арнаўлы комиссияның жуўмағына тийкарланып халық тәўипшилиги усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген.

Онда денсаўлықты сақлаў әмелиятында диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң тек ғана қолланыўға руқсат етилген усылларынан пайдаланыўға жолға қойылады.

Соның менен бирге, нызамшылықта халық тәўипшилиги тараўындағы жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен пуқараларға медициналық диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў хызметлерин көрсеткени, сондай-ақ, хызметлерди халық тәўипшилиги бағдарында рухсат етилмеген усылларды қолланған ҳалда материаллық баҳалы затлар алыў ямаса  мүлклик мәпдар болыў есабынан көрсеткени ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылмаған.

Соның нәтийжесинде пуқаралар жасалма тәўиплердиң қурбанына айланбақта, бундай хызметлердиң ақыбетлери болса пуқаралардың денсаўлығына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен пуқараларға медициналық диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў хызметлерин халық тәўипшилиги тараўындағы жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен көрсеткени, сондай-ақ, хызметлерди халық тәўипшилиги бағдарында рухсат етилмеген усылларды қолланған ҳалда баҳалы затлар алыў ямаса мүлклик мәпдар болыў есабынан көрсеткени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай-ақ, бул хызметлерди халық алдында үгит-нәсиятлағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик орнатылмақта.

«Реклама ҳаққында»ғы нызам менен халық тәўипшилиги бағдарында рухсат етилмеген усылларды қолланған ҳалда пуқараларға медициналық диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў хызметлерин реклама етиўди қадаған етиўши норма менен толтырылмақта.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, парламент жоқары палатасының усы жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Нызамда суўдан пайдаланыўшылар ҳәм тутыныўшыларға аўыл хожалығы талаплары ушын суў объектлеринен пайдаланыўға «Суў жеткерип бериў хызмети» мәмлекетлик мәкемелер тәрепинен рухсатнама берилетуғыны белгиленбекте.

Киргизилип атырған қосымшаларға муўапық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм басқа да суўдан пайдаланыўшылардың аўыл хожалығы талаплары ушын суў алыў лимитлери тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм ирригация системалары бассейн басқармалары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм аймақлық аўыл хожалығы басқармалары тәрепинен ислеп шығылады ҳәм халық депутатлары район(қала)лық Кеңеслери тәрепинен тастыйықланады.

Нызамда фермер хожалығы «Суў жеткерип бериў хызмети» мәмлекетлик мәкемеси менен дүзилген шәртнамаға тийкарланып суў ресурсларынан пайдаланыўы, сондай-ақ, фермерлер аралық ишки суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларын, олардағы қурылмаларды оңлаў ҳәм тиклеўде қатнасыўы, оларды техникалық жақтан саз жағдайда сақлаўы шәрт екенлиги белгиленбекте.

Нызам менен жәмәәт бағлары, жүзим атызлары, егин атызларын ҳәм қыйтақ жер участкаларын суў менен тәмийинлеў белгиленген тәртипте «Суў жеткерип бериў хызмети» мәмлекетлик мәкемелери тәрепинен суў жеткерип бериў ҳәм суў хожалығы хызметлерин көрсетиў ҳаққындағы шәртнамаға тийкарланып әмелге асырылатуғыны көрсетип өтилмекте.

Буннан тысқары, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге суў жеткерип бериў хызметлери ушын белгиленген төлемлер бийкар етилмекте.

Бул нызамда белгиленген қағыйдалар төменги буўында суў менен тәмийинлеўши шөлкемлер ҳәм суўдан пайдаланыўшылар арасындағы өз-ара қатнасықларды тәртипке салған ҳалда, суў ресурсларын басқарыў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың елиў жетинши жалпы мәжилисинде «Халықаралық мийнет шөлкеминиң Мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы ҳәм өндирис орталығы ҳаққында»ғы 155-санлы Конвенциясын (Женева, 1981-жыл 22-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнге шекем Конвенция 75 мәмлекет, соның ишинде, ҒМДАға ағза мәмлекетлер арасында Россия, Беларусь, Украина, Тәжикстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан тәрепинен ратификацияланған.

Конвенцияда мийнет етиў процесинде ҳәм өндирис орталығында мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын тәмийинлеў, соның ишинде жумыс орнында ямаса жумыс ўақтында жумысшы ҳәм хызметкерлердиң денсаўлығына зыян жеткериўге байланыслы бахытсыз ҳәдийселер ямаса қәўиплердиң алдын алыўға қаратылған талапларды және де күшейтиў нәзерде тутылған.

Сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы ҳәм Халықаралық мийнет шөлкеми арасында бирге ислесиў раўажланып атырғаны, миллий мийнет нызамшылығының халықаралық мийнет стандартларына жуўап бериўин есапқа алған ҳалда бул Конвенциясы ратификациялаў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Атап өтилгениндей, Конвенцияның ратификацияланыўы келешекте тараўдағы миллий нызамшылықты ҳәм Халықаралық мийнет шөлкеминиң ҳүжжетлеринде белгиленген мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасына байланыслы нормаларды жетилистириўге, сондай-ақ, өндирис процесиндеги бахытсыз ҳәдийселер, кәсиплик кеселликлер, жумыс ўақтында пайда болыўы мүмкин болған унамсыз ақыбетлердиң алдын алыўға қаратылған халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы миллий баянат додаланды.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен усынылған үшинши Миллий баянатта 2023-жылы мәмлекетте коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылған жумыслар сәўлелендирилген ҳәм олар ҳаққында мәжилисте мәлимлеме берилди.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүрестиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары жетилистирилип, жәмийетте коррупция иллетине маўасасыз орталықты қәлиплестириўге қаратылған системалы реформалар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүрестиң заманагөй механизмлери кеңнен енгизилди. Олардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, системалы реформалар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиўдиң заманагөй механизмлери кеңнен енгизилди. Олардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жәмийетшилик алдында есап бериўди арттырыў бойынша илажлар көрилмекте.

Соның менен бирге, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында коррупциялық факторларды сапластырыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнасты қәлиплестириўге қаратылған мақсетли көрсеткишлер белгиленди.

Тараўда мәмлекетлик сиясаттың избе-излигин тәмийинлеў мақсетинде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2023-2024-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди, ашық, жәрияланыўы зәрүр болған мағлыўматлар дизими 35 ден 40қа шекем кеңейтилди.

Халыққа хызмет көрсетиўде коррупция жағдайларының алдын алыўды тәмийинлеўши “Onlayn mahalla”, “Aholi tomorqasi”, “Onlayn-bozor”, мәмлекетлик хызметкерлерди онлайн режимде оқытыўға мөлшерленген “Open Data” платформалары иске қосылды.

Соның нәтийжесинде «Transparency International» халықаралық ҳүкиметлик емес шөлкеми тәрепинен 2023-жылдың жуўмақлары бойынша Коррупцияны қабыллаў индексинде мәмлекетимиздиң орны 5 дәрежеге,  Басқарыў сапасы индикаторы ҳәм Ҳүкимет ашықлығы бойынша «Open Data Inventory» рейтингинде 15 дәрежеге көтерилген.

Соның менен бирге, додалаўда сенаторлар тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў тараўында айырым кемшиликлер сақланып қалып атырғанлығы да атап өтилди.

Атап айтқанда, 2023-жылы республика бойынша судлар тәрепинен көрилген жынаят ислерин таллаўда коррупцияға байланыслы жынаятлар ақыбетинде мәмлекет мәплерине жеткерилген зыянның жоқары үлеси Әндижан, Наманган, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларына туўра келгенин, коррупцияға байланыслы жынаятлар саны Сурхандәрья ҳәм Әндижан ўәлаятларында артқанын көрсетти.

Коррупцияға байланыслы ислер бойынша судланған шахслардың  айырымлары мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи мәкемелери, коммерциялық банклер, денсаўлықты сақлаў шөлкемлери ҳәм ҳәкимликлердиң хызметкерлери болып есапланады.

Сондай-ақ, ишки қадағалаў структураларының жумысын шөлкемлестириўде айырым мәмлекетлик уйымлар тәрепинен кемшиликлерге жолға қойылған.

Соның ишинде, ишки қадағалаў системасы енгизилген мәмлекетлик уйымлардың 37 синде шөлкемлестирилген 996 штат бирлигинен 172 си (17,2 процент) вакант болса, 6 шөлкемниң 35 хызметкерине қосымша ўазыйпалар жүкленген.

Соның менен бирге, 20 мәмлекетлик шөлкемде ишки қадағалаў системасын енгизиўге  байланыслы уйымлық ҳүжжетлер ислеп шығылмаған, 13 инде ишки қадағалаў системасы нәтийжели жумыс көрсетпей атыр.

Атап айтқанда, Әндижан ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимликлери, Сыртқы ислер министрлиги, Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясында ишки қадағалаў системасын енгизиўге байланыслы уйымлық ҳүжжетлер ислеп шығылмаған. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң системасынла тек ғана 5 штат бирлигинен ибарат (министрликтиң орайлық аппаратында) ишки қадағалаў структурасы шөлкемлестирилген.

Додалаў процесинде Сенат ағзалары тәрепинен Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, бир қатар министрлик ҳәм уйымлар, жергикликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысын және де жетилистириўге қаратылған бир қатар усыныслар билдирилди.

Атап айтқанда, коррупцияға байланыслы жынаятларды таллаған ҳалда жынаятлар көрсеткиши артқан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде кешиктирип болмайтуғын илажлар белгилеў керек.

Коррупция ҳаққында хабар берген шахсларды хошаметлеў системасы бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын жеделлестириў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ишки қадағалаў структуралары хызметкерлерине қосымша ўазыйпалар жүклениўиниң алдын алыў зәрүр.

Ишки қадағалаў структуралары тәрепинен қадағалаў илажларының турақлы түрде өткерилиўин тәмийинлеў, Әдеп-икрамлылық комиссияларының жумысын күшейтиў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленди ҳәм олар Сенат қарарында сәўлеленди.

Сондай-ақ, 57-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының орынбасарларын сайлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысы ҳәм Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарына тийкарланып Икрам Тухтамуратович Муслимов бес жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының биринши орынбасары – судлаў коллегасының баслығы лаўазымына ҳәм Олимжан Хамитович Исмаилов бес жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының орынбасары – судлаў коллегиясы баслығы лаўазымына сайланды.

Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 19 мәселе, соның ишинде, 16 нызам көрип шығылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети