Мǝжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы Жол ҳǝрекети қǝўипсиздиги басқармасы хызметкерлери тǝрепинен излеў жǝрияланған автотранспорт қуралларын табыў ислери турақлы түрде ǝмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Мǝжбүрий орынлаў бюросы Хожели районлық бɵлими ис жүргизиўиндеги, қарыздар “Xoja sali” фермер хожалығынан пуқаралық ислери бойынша Нɵкис районлар аралық судының орынлаў ҳүжжети тийкарында акционерлик-коммерциялық “Агробанк” тиң Хожели филиалының пайдасына 436.2 миллион сум, мǝмлекет пайдасына 25,8 миллион сум ɵндириў белгиленген.
Алып барылған орынлаў ҳǝрекетлери даўамында, қарыздардың атында “KAIYI X3 PRO EV SUV VERSION 1” маркалы жеңил автотранспорт қуралы барлығы анықланған. Усы автотранспорт қуралы қарыздар жайласқан мǝнзилде жоқлығы себепли оған қарата излеў жǝрияланған.
Мǝжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы Жол ҳǝрекети қǝўипсизлиги басқармасы оператив хизметкерлери тǝрепинен ɵткерилген рейд илажларының биринде қарыздарға тийисли автомашина Нɵкис қаласына кирер жердеги постта иркиўге алынып, жǝрийма майданшасына қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги