Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Даўыт ата” шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен республикамызға ҳәр қыйлы нызамсыз азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақ ҳәм әсбап-үскенелердиң алып келиниўиниң алдын алыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, жақында бажыхана посты хызметкерлери елимизге нызамсыз түрде “Пневматик” қураллар ҳәм оның оқларын алып кириўге ҳәрекет еткен жағдайды анықлады.

Бул ўақыя ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының инспекторы Махсура Ибраймова толығырақ айтып берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги