Елимизде соңғы жети жылда дерлик 100 миллиард долларлық қурылыс жумыслары орынланып, бул бағдарда үлкен тәжирийбе арттырылғаны атап өтилди.

Бирақ климат өзгериўи, энергия ҳәм тәбийғый ресурслар күн сайын жетиспей атырғаны, демография ҳәм экология мәселелери пүткил дүньяда қурылыс индустриясында ҳәр күнги жаңа көзқарас ҳәм жаңа шешимлерди талап етпекте.

Мәселен, ҳәзирги жойбарлар тек ғана имараттың өзин қурыў менен шекленбестен, автомобиль турыў орны, жасыл аймағы, мектеп-бақшасы, спорт ҳәм хызмет объектлери қандай болады, деген сораўларды да комплексли қамтып алыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда еле исленетуғын жумыслар жүдә көп екенлигин көрсетип өтти.

Әсиресе, бизиң шараятта өзине түсер баҳасы, сапа ҳәм қурылыс мәденияты ең әҳмийетли мәселе болып қалмақта.

Мәжилиске шекем 400 ге шамалас ислеп шығарыўшы, қурылысшы ҳәм жойбар шөлкемлериниң пикири үйренилди. Олардың көпшилиги тараўдағы бюрократия ҳәм артықша қәрежетлер, өнимлердиң өзине түсер баҳасы менен сапасына наразылық билдирген.

Исбилерменлерге дурыс шараят жаратып берилсе, олардың өзи ашық-айдын ислеўден мәпдар.

Исбилерменлер рейтинги енгизилгеннен кейин, 11 мың қурылысшы ҳәм ислеп шығарыўшы төменги орыннан жоқары ҳәм орта орынға көтерилди.

Олардағы 90 мың жумыс орны «сая»дан шықты, орташа мийнет ҳақы 1,4 есеге артты.

Бирақ, тараўда «жасырын экономика» жоқарылығынша қалып атырғаны атап өтилди.

ӨзА