ЮНЕСКО экспертлери Олунифеси Сураж ҳәм Аннетте Оболенски Олий Мажлис Сенатына келди.
Экспертлер мәмлекетимизде мәлимлеме ашықлығы, медиа тараўы ҳәм журналистикаға жаратылып берилип атырған шараятлар ҳаққында унамлы пикирлер билдирди.
Эксперт О.Сураж “Санлы Өзбекстан – 2030” стратегиясы менен жеке танысып шыққанын атап өтип, онда тараўларды санластырыў бойынша белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларды жоқары баҳалады.
Сондай-ақ, жақында Парижде болып өткен олимпиадада Өзбекстан көрсеткен тарийхый нәтийжени тән алып, жеңимпазлар қатарында ҳаял-қызлардың бар екени тараўда ҳаял-қызлардың үлеси артып баратырғанынан дәрек беретуғынын атап өтти.
Буннан тысқары, экспертлер кейинги жыллары Өзбекстанда ҳәр бир тараўда әмелге асырылып атырған реформалар сырт ел ғалаба хабар қураллары тәрепинен кеңнен сәўлелендирилип атырғаны ҳәм олар менен турақлы танысып барып атырғанын билдирди.
Ушырасыў даўамында ЮНЕСКО экспертлери медиа ҳәм мәлимлеме саўатлылығы бойынша миллий стратегияны жаратыў бойынша излениўлер алып барып атырғанын, усы жойбарды әмелге асырыўда парламенттиң де роли әҳмийетли екенин атап өтти.
Усы мәселе бойынша сенаторлар өз пикирлерин билдирип, бул бағдарда тараўда қабыл етилген нызамлар ҳәм Сенат тәрепинен алып барылған парламент қадағалаўы нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди. Сондай-ақ, ЮНЕСКО менен бирге ислесиў бойынша усыныслар алға қойылды.
Тәреплер перспективада биргеликте әмелге асырылатуғын басқа режелер ҳәм илажлар бойынша келисип алды.
Н.Абдураимова, ӨзА