БМШтың жаңа сораўы – UN E-Government Survey, PDF нәтийжеси “Турақлы раўажланыў ушын санлы трансформацияны күшейтиў” атамасында жәрияланды. Өзбекстан электрон ҳүкимет раўажланыў дәрежеси бойынша дүнья рейтингинде 6 бәнт жоқарылап, 193 мәмлекет арасында 63-орынды ийеледи.
Мәмлекетимизде бул индекс – E-Government Development Index, EGDI 0,79ды қурады. 2022-жылы бул дәреже 0,72 еди. Көрип турғаныңыздай, өсиў 0,07 бирлик. Рейтинг жетекшиси – Данияның көрсеткиши – 0,98. Азия жетекшилери – Қубла Корея, Сингапур, Саудия Арабстаны – 0,96. Қазақстан болса Орайлық Азия регионында жетекши – 0,90. Қоңсы мәмлекет 2022-жылы 0,86 нәтийжени көрсеткен. Яғный, бизде өсиў пәти Қазақстанға салыстырғанда 0,03 бирлик жоқары.
EGDI нормасы үш киши индекстен ибарат: телекоммуникация инфраструктурасы, инсан капиталы ҳәм онлайн хызмет. Өзбекстанда бул көрсеткиш сәйкес түрде 0,87, 0,75 ҳәм 0,76.
Быйылғы жылдың есабатында EGDI рейтинги бойынша 23 мәмлекет кескин көтерилген. Азияның 10 жетекши мәмлекети арасында Өзбекстан да бар. Бул топарға Америкадан 4, Африка ҳәм Европадан екеўден мәмлекет кирген.
Өзбекстанның электрон қатнасыў индекси – E-Participation Index, EPI бойынша көрсеткиши 0,60.
Төмен ҳәм орта дәраматлы сегиз мәмлекет, соның ишинде 0,76 көрсеткиш пенен Өзбекстанның да OSI көрсеткиши жоқары баҳаланды. Бул унамлы нәтийже, яғный OSI баҳасы 8,6 процент өсти бул мәмлекетлер онлайн-хызмет көрсетиўди жақсылаў ушын ресурс бөлистириўге үлкен әҳмийет берип атырғанынан дәрек береди.
БМШ есабатында атап өтилиўинше, Өзбекстан санлы трансформация арқалы мәмлекетлик хызметтиң нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў тәрепдары. 2019-жылы алға қойылған «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясында регионаллық тармақларды санластырыў, миллий мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм санлы технологиядан пайдаланыўды хошаметлеў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген. Елимизде “Uzum” ҳәм “Click” онлайн төлем системаларын бирлестириў арқалы бирден-бир санлы жәмийетшилик платформасының енгизилиўин жаңа басламалар қатарына киргизиў мүмкин. Халықаралық санлы технологиялар орайы IT хызмети экспорты муғдарының артыўы, нызамлар қайта көрип шығылыўы электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономиканы раўажландырыўға хызмет етпекте.
Электрон ҳүкиметтиң раўажланыў дәрежесине шолыў БМШ Экономикалық ҳәм социаллық ислер департаменти тәрепинен ҳәр еки жылда бир мәрте жәрияланатуғынын атап өтиў керек. Бул дүнья шөлкемине ағза барлық мәмлекетлердиң усы бағдардағы раўажланыў дәрежесин белгилейтуғын бирден-бир глобал норма болып табылады.
Ш.Маматуропова, ӨзА