Бүгин, 2024-жыл 20-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконфенерцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Соның менен бирге, Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылмақта.
Мәжилис күн тәртибине 18 мәселе киргизилген. Олардың арасында «Халыққа психологиялық жәрдем көрсетиў ҳаққында», «Жер асты ҳаққында», «Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар бар.
Сондай-ақ, «Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасында сырт ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқықый жағдайы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине ағартыўшылық жумысын әмелге асырыў тәртибин белгилеўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм басқа нызамлар додаланады.
Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы миллий баянат сенаторлардың итибарына усынылады. Мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелерди сайтымызда сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!
Н.Абдураимова, Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА