Сарыгүл Баҳадырова 80 жаста
С.Баҳадырова педагогикалық институтын тамамлаған 1966-жылы Ѳзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бѳлиминиң Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтына лаборант болып жумысқа қабылланған болса, мийнет жолы даўамында барлық басқышлардан ѳткеннен соң 2001-жылдан баслап узақ жыллар усы институттың директоры лаўазымында жемисли мийнет етти. Ол 2007-жылдан бери Ташкент қаласында жасап атыр.
Дѳретиўшилер қай жерде жүрсе де қәлемин тасламайды. Жақында журналист Арыўхан Турекеева менен «Дүрмен» сапарымыз даўамында Сарыгүл апаның шаңарағында болдық. Әңгимемиз оның ѳмир ҳәм мийнет жоллары, ѳз басламасы менен ѳткерген үш халықаралық конференциясының әҳмийети, Қарақалпақ фольклорының 100 томлығын таярлаўға қосқан үлеслери, соңғы жыллардағы дѳретиўшилик жумыслары дѳгерегинде болды.
– Сарыгүл апа, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында ислеп жүрген гезлеримде сиз бенен кѳп сәўбетлес болдым. Булар изсиз кетпеди. Ѳзиңиздиң илимий мақалаларыңыздан басқа да сиз бенен сәўбетлеримиз, ѳтинишимизге бола жазылған халқымыз тарийхында аты қалған барлық қарақалпақ ҳаяллары ҳаққындағы қунлы мийнетлериңиз газетамызда жарық кѳрди. Ѳмириңиз туўралы сораўларымызға «мениң ѳмир баяным ярым бетке де жетпейди-аў» деп гәпти қысқадан қайырар едиңиз. Юбилей мүнәсибети менен усы сораўды сизге және бермекшимиз.
– Мен әдебиятшы едим. Педагогикалық институттың тарийх, тил ҳәм әдебият факультетин тамамлағанман. Ѳзим ислеген институтта лаборант, киши, үлкен илимий хызметкер болып иследим. Соңынан «Қарақалпақ совет әдебияты» секторына басшылық еттим. Рус тилинде баспадан шыққан «Қарақалпақ совет әдебияты» атлы китаптың авторларының биримен. Сол мийнетим ушын Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болдым.
Мен илим жолы кийели деп түсиндим ҳәм оған ѳмирим даўамында садық болдым деп екиленбестен айта аламан. Кандидатлық ҳәм докторлық диссертацияларымда дүнья тән алған илимпазлардың илимий басшы болыўы мениң бахтым еди. «Ҳәзирги заман қарақалпақ гүрриңлери» деп аталған кандидатлық диссертацияма академик М.Нурмухамедов басшылық етип 1970-жылы жақлаған болсам, докторлық диссертациямды москвалы атақлы тюрколог, профессор З.С.Кедринаның илимий басшылығында жаздым.
Илим иркилмей кете берерликтей айдын жол емес. Оның қыйыр-шыйыр соқпақлары, бийик асыўлары кѳп. Мен докторлық диссертацияға қол урған 1970-жыллардан кейин бурынғы аўқамның жоқарғы аттестациялық комиссиясы тәрепинен докторлық диссертациялар рус тилинде жазылыўы ҳәм рус тилинде китап болып баспадан шығыўы керек деген қатаң талап қойылды.Бул талап қарақалпақ тилинде оқыған, барлық илимий жумысларын қарақалпақ тилинде жазған мен ушын аңсат кешпеди. Илимий жумысларыма қоса тил үйрениўге шынтлап киристим. 1978-жылы «Роман ҳәм дәўир» атлы монографиям баспадан шықты.
Ол дәўирлерде миллий машқалалар тартыслы түс алған еди. «Ҳәзирги заман қарақалпақ романлары» деген докторлық диссертациямды жазыў барысында мен тийкарды қарақалпақ фольклорынан изледим ҳәм таптым. 1984-жылы «Фольклор және қарақалпақ совет прозасы» атлы монографиям рус тилинде басылды. Бул мийнетимди қоллап-қуўатлаған З.С.Кедринаның «Сизлер ѳзи турысыңыз бенен фольклорсыз ғой» дегенин елеге шекем умытпайман. Солай етип, 1987-жылы жақлаған докторлық диссертациямда қарақалпақ романларының тамыры фольклорда екенлигин дәлилледим. Илимий жумысларым бойынша москвалы атақлы илимпаз, әдебиятшы Т.Т.Давыдова «Вопросы литературы» журналында «Бул изертлеў жумысы тек қарақалпақ әдебияттаныў илиминде ғана емес, ал, дүнья филология илиминдеги жаңалық» деп жоқары баҳа берди. Фольклорист болып қәлиплесиўиме усы жағдайлар себеп болды ҳәм мени институтымыздың фольклор бѳлимине ѳткерди.
– Институт директоры лаўазымында ислеген ўақтыңызда қарақалпақ халық дәстанлары «Қырқ қыз», «Едиге»ге бағышланған ҳәм «Қарақалпақ халық творчествосы ҳәм искусствосы» атамасында үш халықаралық конференция ѳткердиңиз. Бул конференциялардың илим, қарақалпақ фольклоры, келешек ушын әҳмийети қай дәрежеде болды? Нәтийжелерин нелерде кѳрдиңиз?
– Бул халықаралық конференциялар биринши гезекте қарақалпақ халық дәстанларын дүньяға танытыўда, илимий байланыслардың күшейиўинде үлкен әҳмийетке ийе болды. «Қырқ қыз» дәстаны тек қарақалпақ халқында ғана бар екенлиги мойынланды. Келген мийманлар халқымыз ѳз дәстанларын қай дәрежеде сүйетуғынын, улығлайтуғынының гүўасы болды. Дүньяның түрли мәмлекетлеринен илимпазлар жыйналған бул конференцияның изи улыўма халықлық байрамға айланып кетти. Арал теңизиниң үш мәрте қурыўына байланыслы үш мәрте қоныс жаңалап қайта оралыўдай дәрбедәрликти басынан кеширген қарақалпақлар таптырмас миллий байлығы болған дәстанларын, фольклорын кѳзиниң қарашығындай сақлап, келешек әўладларға жеткергенин дүнья илимпазлары тән алды. Орайлық Азиядан, Түркия, Кипр, Әзербайжан, Қазақстаннан келген мийманлар бизиң аймағымыздағы тарийхый естеликлерди, музейлеримизди тамашалаў ушын саяхатлар шѳлкемлестирилди. Қала сыртындағы ипподромға халық лек-лек болып ағылып, миллий спорт ойынларын – гүрес, ат шабыс, қошқар дүгистириў, сондай-ақ 40 торы атта қурал-жарағын асынған 40 қызды, қара атларға минген қалмақларды, олардың қылышласыўларын кѳргенлер ҳақыйқый майдандағыдай қыйқыў салысты. Булардың бәри шет еллердиң баспасѳз бетлеринде жәрияланды. Бул тек мен ушын емес, пүткил халқымыз ушын үлкен жетискенлик болды.
Усындай ири халықаралық кѳлемдеги илажды ѳткериўге Қарақалпақстан ҳүкимети кѳп жәрдемлер кѳрсетти.
«Қарақалпақ халық дәстаны «Едиге» және оны изертлеў мәселелери» деген темада халықаралық конференцияны шѳлкемлестириўимиздиң де ѳз алдына тарийхы бар. Бул дәстан татар, ноғай, башқурт, қазақ халықларында да бар. Бирақ, «Едиге»ниң биздегидей толық варианты ҳеш бир халықта жоқ. Аты дүньяға белгили тюрколог В.М.Жирмунскийдиң «Едиге» дәстанының толық варианты қарақалпақларда» деген баҳасы бийкарға айтылмаған. Буны дүнья билиўи керек еди.
«Едиге» дәстаны бурынғы аўқамның тийисли қарары тийкарында ярым әсирге жуўық изертленбеди. Дәстанды жыйнаў да қадаған етилди. 2001-жылы биз халықаралық конференция ѳткизген ўақытта сол қарар еле бийкарланған жоқ еди. Бул надурыс қарар болғанлығын, «Едиге» дәстаны халқымыздың бийбаҳа мүлки екенин халықаралық дәрежеде тән алдырыўды алдымызға мақсет етип қойдық. Конференцияға Япония, Түркия, Германия, Орайлық Азия, Қазақстан мәмлекетлеринен илимпазлар қатнасты. Олар шығып сѳйлегенде конференцияның әҳмийетине жоқары баҳаларын берди. Мысалы, Қазақстан Илимлер академиясының академиги Рахманқул Бердибаев минберден «Едиге дәстаны бизлерде де бар. Бирақ, сизлер бул мәселени биринши болып кѳтердиңиз, түркий тиллес халықларға үлги болдыңыз. Мәрт екенсизлер, сизлерге рахмет» деген еди.
Халықаралық кѳлемдеги конференцияларды ѳткериўдеги тәжирийбемниң азлығы пәнт берген жерлери де болды. Мен усы конференцияға БМШ тың бас хаткери Халик Маликти де мирәт етпекши болдым ҳәм Гүлбәҳәр деген институт хызметкериниң сырт елде оқыйтуғын, дем алысқа келген баласына Х.Маликтиң атына жазылған мирәтнама менен конференцияның бағдарламасын берип: «Мына хатты БМШ ға алып барып аўыздағыларға таслап кетпе. Халик Малик жумысқа келген ўақтын аңлып турып, ѳзиниң қолына услат» деп тапсырдым. Ол усылай ислеген, мирәтнаманы оның қолына услатқан. Анығында ҳүкиметти атлап БМШ менен байланысыўға ҳақым жоқ екен.
Мирәтнаманы оқып кѳрген Х.Малик тәртип бойынша Ѳзбекстан ҳүкиметине Нѳкиске конференцияға баратуғынын билдирген. Ташкент болса, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине… Мени Министрлер Кеңеси Баслығының сол ўақыттағы орынбасары Ә.Тәжибаев шақырып «Сарыгүл ойласпастан не ислеп жүрсең? Халықаралық конференция ѳткериў ушын рухсатнамаң қәне? Қаржың барма?» деп сорады. Мен тийисли уйымнан алған рухсатнамамды кѳрсеттим, бирақ ажыратылған қаржы жоқ еди. Енди кейинге қайтыўға жол жоқ екенин түсинген Ә.Тәжибаев қолынан келген жәрдемин аяған жоқ.
Конференцияға бир ҳәпте қалған ўақытта Ѳзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалының баслығы Т.Ещанов конференцияға шекем «Едиге» дәстанын китап етип баспадан шығарасаң деген тапсырма берди. Китап шығаратуғын пул жоқ. Илажсыз Ташкентке ЮНИСЕФ ке атландым. Барып «Едиге» дәстанының әҳмийетин, бурын китап болып басылмағанын, жағдайларымды түсиндирдим. Шѳлкем тезлик пенен китапты басып шығарыў ушын қаржы ажыратып, туўры «Қарақалпақстан» баспасының есап бетине ѳткерди. Баспа директоры М.Нызановтың тиккелей жәрдеми менен «Едиге» дәстанының Ѳтенияз жыраў варианты үш күнниң ишинде китап болып баспадан шықты.
Ҳақыйқатында да конференциямыз басланып атырған ўақытта Х.Малик аўдармашысы менен жетип келди ҳәм шығып сѳйледи. Ол қуры қол келмей, институтымыз ушын 8 мың долларды Министрлер Кеңесиниң есап бетине ѳткергенин айтты…
Буннан кейин Соппаслы Сыпыра жыраў ҳаққында халықаралық конференция ѳткериў ушын ҳүкиметке усыныс пенен шықтым. Бирақ, қәнигелер Соппаслы Сыпыра жыраў аңызларда ғана бар, оның орнына «Қарақалпақ халық творчествосы ҳәм искусствосы» деген темада халықаралық конференция шѳлкемлестириў мақсетке муўапық деген шешимге келди. Бул конференцияға да шет мәмлекетлерден мийманлар шақырылып, жоқары дәрежеде ѳткердик.
– Қарақалпақ фольклорының 100 томлығын баспадан шығарыў ушын жан күйдирип баслама кѳтергениңизден, дәстанларды баспаға таярлағаныңыздан кѳпшиликтиң хабары бар еди. Бундай басламаға не түртки болды? Кейин ҳүрметли дем алысқа кеттиңиз. Жетик фольклорист сыпатында кең жәмийетшиликтиң қолына тийген 100 томлық туўралы пикирлериңиз бенен ортақлассаңыз.
– Қарақалпақ фольклорының 100 томлығын баспадан шығарыў мәселесин ҳүкиметимиздиң алдына қойыўымның ең тийкарғы себеби қарақалпақ фольклоры ең бай фольклорлардың биринен саналады. Дәстанларымыз қол жазба фондында бир данадан сақланып киятыр еди. Ҳеш ким тәбийғый апатлар болмайды деп кепиллик бере алмайды, сонша қол жазбаға зыян келген жағдайда олардың тәғдири не болады деген сораў мени бәрҳа қыйнар еди. Бул машқаланың шешимин устазымыздан таптым. Ташкентке ҳәр барғанымда атақлы ѳзбек фольклористи Тѳре Мырзаның алдына барып ислеп атырған жумысларымыз, жаңалықларымыз туўралы әңгимелесер едик. Бир барғанымда ол фольклордың 100 томлығының академиялық басылымын таярлап атырғанын айтты. «Китап басып шығарыў аўыр машқала болып турған ўақытта 100 томды қалай шығарасыз?» деп сорадым оннан. «Асықпай таярлап қоя беремиз, ўақты келеди» деди ол. Мен қуўанып кеттим. Себеби, мени ойландырып жүрген машқаланың шешимин тапқан едим. Оған жан берген Тѳре Мырзаның усы гәпи болды. Сол жердиң ѳзинде Қарақалпақ фольклорының 100 томлығының академиялық басылымын баспадан шығарамыз деп алдыма үлкен мақсет қойдым. Нѳкиске келип асықпастан оның барлық тийкарларын хатқа түсирдим ҳәм ҳүкиметимиздиң алдына мәселе етип қойдым.
Мен ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенше жәмәәтимиз бенен дәстанлардың дерлик барлық вариантлары таяр ҳалына келди. Қарақалпақ фольклорының 100 томлығының илимий басшысы мен. Бул жумысларыңыздың нәтийжеси қандай болды, оған қанаатланасызба деген сораўыңызға айтар жуўабым – қанаатланбайман.
Фольклордың 100 томлығының академиялық басылымын қазақлар да шығарып болды. Ѳзбекстанлы илимпазлар да еле шығарып атыр. Әне, академиялық басылым деген сондай болады. Бизде я редколлегиясы жоқ, я текстологиялық таллаў жоқ. Терең илимий таллаў жасалыўы керек еди. Қала берсе, жыраўлардың ҳәм оннан жазып алғанлардың ѳмир баянлары, жыраўдың устазы, ол қайсы мектептен шыққан, дәстанды жазып алған адамның билими, дәстанды жыраўға жырлатып отырып жазып алды ма ямаса кѳширип алды ма деген сыяқлы кѳплеген әҳмийетли мағлыўматлар жоқ. Мен 100 томлықты жобаластырған ўақтымда алдыма қойған мақсетим, бизиң қол жазба фондымызда турған дәстанлардың барлық вариантларын бастырыў еди. Олардың ҳәр варианты ҳәр түрли мектептен шыққан таптырмайтуғын байлығымыз. Дәстанлары жоқ халықлар бар. Биз бул мийрасларымызға итибарсыз болмаўымыз керек.
Қарақалпақ фольклорының 100 томлығында белгисиз себеплер менен атым кѳрсетилмеген. Анығында халық дәстанларының илимий басшысы мен.
– Сарыгүл апа, ҳәзир қаншадан-қанша жас илимпазлар жетилисип киятыр. Оларға айтар тилеклериңиз.
– Ҳәзир заман басқа. Қарақалпақ тилин жетик билгениң менен алға илгерилей алмайсаң. Илимниң шегарасы жоқ. Шет ел илимпазлары менен байланысыў, излениў, олардан үйрениў ушын заманагѳй технологиялар жетерли. Тек дүнья тиллерин меңгериў керек. Бизлер шет тиллерин билмегенликтен кѳп нәрселерден утылдық. Сырт мәмлекетлердиң оқыў орынлары ректорлары талай мәрте жумысқа шақырды, тил билмеймен. Жаслық тил үйрениў ушын таптырмайтуғын дәўир, оннан барынша пайдаланып қалыў керек. Илим кийели. Онда ҳадаллық баслы талаплардың бири. Кисиниң мийнетин ийелеўди тарийх кеширмейди, ўақты келгенде қалқып шығады. Буны ҳеш қашан умытпаўыңыз керек.
Сәўбетлескен: Пердегүл Хожамуратова,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги