«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты ПҲАЖда емес, ал туўыў үйиниң өзинде рәсмийлестириў тәртибин енгизиў ҳаққында мүрәжат орналастырылды. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

«Ҳәзирги ўақытта туўыў үйлеринде туўылған балаларды дизимге алыў гүўалықларын алыў бирқанша қыйыншылықлар ҳәм аўарагершиликлерди жүзеге келтирмекте. Атап айтқанда, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў ушын туўыў үйинен тийисли мағлыўматнаманы алып бирқанша жол жүрип, районлық ПҲАЖ бөлимине барыўға туўра келеди. Ол жерде дәрриў туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў қыйын.

Саат 9:00 де жумыс баслайтуғын ПҲАЖ бөлиминде саат 7:00 ден баслап көп адамлар нәўбетте турады. Нәўбет жетип, 3-4 саат дегенде туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты аласыз. Кейин усы гүўалықты туўыў үйине алып барыўға туўра келеди. Болмаса туўыў үйинен жаңа дүньяға келген бала ҳәм анасына үйине кетиў ушын руқсат берилмейди. Сол себепли әмелдеги туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты бериў системасын жетилистириў керек», – деп жазылған мүрәжатта.

Жоқарыдағыларды есапқа ала отырып, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты ПҲАЖ бөлиминде емес, ал туўыў үйиниң өзинде рәсмийлестириў усыныс етилмекте. Бул усыныстың әмелге асырылыўы пуқараларға көплеген қолайлықлардың жаратылыўына себепши болатуғынлығы айтылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги