Кеше Ташкент қаласында  23 жасқа шекемги қылышпазлар арасында Өзбекстан кубогиниң командалық беллесиўлер бойынша жарысы болып өтти.

Бул жарысқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан күшли спортшылар қатнасып, онда қарақалпақстанлы жаслар сабля бағдары бойынша барлық командаларды жеңип шығыўға еристи.

Турнир соңында жеңимпаз спортшылар Өзбекстан сайланды командасы қурамына алынып, олар федерация тәрепинен шөлкемлестирилген оқыў-шынығыўға жөнеп кетти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы