2018-2019-оқыў жылы ушын екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат алыўға руқсат берилген жоқары оқыў орынларының дизими тастыйықланды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Мағлыўматта жазылыўынша, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 3-санлы протоколына муўапық, 2018-2019-оқыў жылы ушын екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат алыўға руқсат етилген жоқары оқыў орынларының дизими тастыйықланды.

 

2018-2019-оқыў жылы ушын екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат алыўға руқсат етилген жоқары оқыў орынларының дизиминде жәми 51 жоқары оқыў орны көрсетилген. Олар арасында Қарақалпақстандағы еки жоқары оқыў орны да бар:

 

– Қарақалпақ мәмлекетлик университети – сыртқы;

– Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты – сыртқы.

 

Филология ҳәм тиллерди оқытыў (шет тиллери бойынша, соның ишинде, рус тили), Шет тили ҳәм әдебияты (тиллер бойынша), Ана тили ҳәм әдебияты (рус тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты басқа тили топарларда) тәлим бағдарлары бойынша билимлендириў процеси күндизги тәлим формасында әмелге асырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.