Усы жылдың 6-сентябрь күни Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева Қарақалпақстанға сапары даўамында Тақыятас районында болып, шаңарақлық поликлиниканың жағдайы менен танысып ҳәм поликлиника имаратын қайтадан қурыў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берген еди.
Берилген тапсырманы әмелде орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры орынбасары С.Самадов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Ф.Эрматов, районның сектор басшылары ҳәм басқа да жуўапкерлер жаңа поликлиника қурылыс жойбары менен танысты.
Мәмлекетимизде халықтың саламатлығын қорғаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар қатарында, районда бир ўақыттың өзинде 100 адамға медициналық хызмет көрсетиўге имканын беретуғын поликлиника имаратының қурылысының қазығы қағылды.
Жаңа поликлиника қурылысы қәўендерлер есабынан қурып питкерилип, заманагөй типтеги сонғы медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги