Экология, қоршаған орталықты қорғаў ўәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм АҚШ Президентиниң майыплығы бар шахслардың халықаралық ҳуқықлары бойынша арнаўлы мәсләҳәтшиси Сара Минкара арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Азиз Абдуҳакимов климат өзгериўи ақыбетлери, әсиресе, климат миграциясы, шаң боранлар ҳәм климат пенен байланыслы денсаўлық машқалалары барған сайын аўырласып баратырғаны Орайлық Азия регионында сезилерли екенин атап өтти. Сондай-ақ, майыплығы бар шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў мәселесине байланыслы барлық тараўларда климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў илажлары көрилип атырғаны айрықша атап өтилди.

Мәжилисте климат өзгериўиниң майыплығы бар шахсларға пропорционал емес тәсирин де додалады. А.Абдуҳакимов жәмийеттиң әҳмийетли бөлеги болған майыплығы бар шахслардың үлесин есапқа алмай турып, турақлы раўажланыўға ерисип болмайтуғынын атап өтти. Сөйлесиў процесинде қолайсыз орталықтан қашыў мақсетинде майыплығы бар шахслар саяхат ете алмаўы мүмкин екенине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда министр Өзбекстан басламасы менен UNWTOның инклюзив туризм бойынша резолюциясы қабыл етилгенин айрықша атап өтти.

Өз гезегинде, С. Минкара майыплығы болған шахслар ушын туризмниң инклюзивлиги ҳәм оннан пайдаланыў имканиятларын тәмийинлеў әҳмийетли екенин ҳәм пүткил мәмлекет бойлап тийисли шараятлар жаратыў зәрүрлигин атап өтти. АҚШ Президентиниң арнаўлы мәсләҳәтшиси бул бағдарда барлық техникалық жәрдем көрсетиў, соның ишинде, түрли илажлар, семинарлар, тренинглер ҳәм форумлар өткериў, сондай-ақ, майыплығы бар шахслардың машқалалары ҳаққында халықты кеңнен хабардар етиўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыўдың жуўмағында тәреплер арасында АҚШ жоқары билимлендириў мәкемелери, Ташкент қаласындағы Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети “Green University” ҳәм Самарқанд қаласындағы «Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университети менен биргеликте усы бағдарда илажлар өткериў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыўға келисилди.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА