Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетиниң мәжилисинде «Жер асты ҳаққында»ғы нызам дәслепки түрде додаланды.
Нызам менен жер асты байлықларына ийелик етиў ҳәм оларды басқарыў, сондай-ақ, жер астынан пайдаланыў ҳәм оны қорғаў ўақтында пайда болатуғын қатнасықлар тәртипке салынбақта.
Нызам тийкарында пайдалы қазылмалардың үйренилиўи ҳәм экономикалық тийкарларға бола классификацияланыўы белгиленбекте. Жер асты участкаларының мәмлекет фондына жаңа «резерв фонды» түсиниги киргизилип, оның мәниси жарытылып берилмекте.
Жер асты байлықлары ҳаққындағы мағлыўматлардың ашық-айдынлығы нәзерде тутылып, жер асты участкаларынан пайдаланыў тәртип-қағыйдалары жетилистирилмекте.
Нызам сенаторлар тәрепинен қызғын додаланып, Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисиниң күн тәртибине киргизилетуғыны белгиленди.
Соның менен бирге, мәжилисте Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған «жол картасы»ның орынланыўы ҳәм усы ўәлаятта турмыс дәрежесин және де жақсылаў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған жумыслардың жағдайы додаланды.
Мәжилисте аймақлардағы шешимин күтип атырған кемшиликлер ҳәм машқалалы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Соның ишинде, Қашқадәрья ўәлаятының 35 гектар майданда шөлкемлестирилген «Ургут» еркин экономикалық зонасының филиалында санаат тараўында жоқары ҳәм орта жоқары технологиялы жойбарларды жайластырыў ҳәм әмелге асырыў артта қалып атырғаны, Көкдала районында үлгили мәденият орайының қурылысында машқалалар бар екенлиги айтып өтилди.
Сурхандәрья ўәлаяты Байсун районында сырт ел инвесторлары менен биргеликте «Қой жүнинен ланолин субстанциясын ажыратып алыў» жойбарын әмелге асырыў тармақ кестесинен артта қалып атырғаны, ўәлаятта жумыс алып барып атырған төмен қуўатлықтағы 5 колледж ҳәм техникумды заманагөй кәсип-өнер мектебине айландырып, 2 мың кәсип ийелерин таярлаў ўазыйпасы да кешигип атырғаны атап өтилди.
Комитет мәжилисинде министрлик ҳәм уйымлар, ўәлаят жуўапкер басшыларының мәлимлемелери тыңланды. Ўәлаятларда автомобиль жолларының улыўмалық жағдайын жақсылаў арқалы аймақларда социаллық ҳәм экономикалық бағдарларды раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Инвестициялар тартыў, энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде жол қойылған кемшиликлер көрсетип өтилди ҳәм бул бағдарда бир қатар усыныслар билдирилди.
Н.Абдураимова, ӨзА