Қарақалпақстан Республикасы судында судьялар ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жуўапкер хызметкерлери, бюроның қалалық ҳәм районлық бөлимлери баслықларының қатнасыўында “Суд ҳүжжетлериниң орынланыўын буннан былай да жақсылаў, орынлаў барысында жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў мәселелери” атамасында  қоспа мәжилис болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов кирис сөз бенен ашып, мәмлекетимизде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасы жылдан-жылға жетилистирилип атырғанлығын, судлар Мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте суд қарарларының орынланыўын тәмийинлеп, пуқара ҳәм мәкемелердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Суд ҳүжжетлериниң орынлаўын өз мүддетинде ҳәм толық орынлаўға ерисиў мақсетинде, усы тараўда еле әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар жумыслар, шешимин күтип турған машқалалардың бар екенлиги, оларды сапластырыў мәселелерин кең түрде додалап, тийисли ўазыйпаларды белгилеп алыў лазымлығына итибар қаратылды.

Баянатшылардың атап өткениндей, айырым суд ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюролары арасында бирге ислесиў жетерли дәрежеде жолға қойылмағанлығы себепли суд қарарларының орынлаўы сезилерли дәрежеде кемейип кеткен. Жумысшы топар тәрепинен үйрениўлер нәтийжесинде, Мәжбүрий орынлаў бюролары ис жүргизиўиндеги қалдық орынлаў ҳүжжетлери бойынша судлар ҳәм районлар кесиминде орынлаў көрсеткиши төмен жағдайда екенлиги сынға алынды.

“Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының Нызамында бул бойынша нызамшылық тийкарлары анық көрсетип берилген. Атап айтқанда, усы Нызамның 3-статьясында орынлаў уйымлары ҳәм оның ўәкилликлери көрсетилген болып, оған бола суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин  мәжбүрий орынлаў Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлай бюросы уйымларының мәмлекетлик орынлаўшыларына жүкленип, олардың ўәкилликлери усы Нызам ҳәм басқа нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленеди.

Сондай-ақ, усы Нызамның 30-статьясында мәжбүрий орынлаў мүддетлери көрсетилген. Судьялар тәрепинен әйне суд ҳүжжетлери орынланыўын тәмийинлеўде жол қойылып атырған мүддет бузылыў жағдайлары ҳәм онда ушырасып атырған машқалалар тараў қәнигелери менен биргеликте кең түрде талқыланып, алдағы ўақытлары бул бағдарда тығыз бирге ислесиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Бозатаў БЕКПОЛАТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судья аға жәрдемшиси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги