1949-жылы 12-август күни Швейцарияда қол қойылып, 1950-жылы 21-октябрьде күшке кирген Женева конвенциясы урыс ушын адамгершилик қағыйдасын белгилейтуғын ҳәр тәреплеме халықаралық шәртнама болып есапланады.
Бул ҳүжжет заманагөй халықаралық ҳуқықтың тийкарғы принципин беккемлеген. Мәселен, бир бәнтте урыс қарсылас тәрептиң қураллы күшлерине қарсы алып барылады, әпиўайы халық, наўқаслар, жарадарлар, әскерий тутқынлар ҳәм басқаларға әскерий ҳәрекет қадаған етиледи, делинген.
Женева конвенциясы төрт универсал халықаралық шәртнамадан ибарат: Қураллы күшлердеги жарадар ҳәм наўқаслардың жағдайын жақсылаў; Қураллы күшлердиң теңиздеги жарадар, кесел ҳәм кеме авариясына ушыраған ағзаларының жағдайын жақсылаў; Әскерий тутқынлар менен қарым-қатнас жасаў; Урыс дәўиринде пуқараларды қорғаў.
Ҳүжжет урыс жәрияланған ямаса ҳәр қандай қураллы соқлығысыў жүз берген жағдайда, ҳәттеки тәреплерден бири урыс жағдайын тән алмаса да, белгили бир аймақты басып алғанда, ийелеп алыўшы қураллы қарсылыққа ушырамасада қолланылады. Егер Женева конвенциясының қатнасыўшысы болмаған қандайда бир мәмлекет ҳүжжет қағыйдасына әмел етсе, бул мәмлекет пенен тартыстағы Конвенция қатнасыўшысы болған қарама-қарсы тәреп те өз ҳәрекетинде усы қағыйдаларға әмел етиўи шәрт. Женева конвенциясы нейтрал мәмлекетлер ушын да мәжбүрий.
Женева конвенциясы барлық мәмлекетлер тәрепинен ратификацияланған ҳәм сол арқалы инсаният ушын аянышлы ақыбетин жумсартыўда белгили қағыйдалар менен шеклениўи керек екенлигин тән алады. Әскерий ҳәрекетте қатнаспаған ямаса қатнасыўды тоқтатқан адамларды қорғайтуғын халықаралық гуманитарлық ҳуқық (ХГҲ) тийкарын қурайды.
ХГҲ өз гезегинде жаўынгерлик ҳәрекетти тәртипке салады ҳәм қураллы соқлығысыўда инсанияттың белгили бир бөлегин сақлап қалыў, инсанлардың азап-ақыретин жеңиллестириў ушын урыс қуралы ҳәм усылларын шеклейди. Женева конвенциясы, улыўма, ХГҲ сыяқлы жәнжелден жәбирленген барлық адамлардың ҳуқықын қорғайды ҳәм ҳәр бир адам, ҳәттеки душпан да инсан сыпатында көрилиўин тәмийинлеўге қаратылған шәртнама болып есапланады.
Мәмлекетимиз Женева конвенциясының барлық 4 ҳүжжетине 1993-жылы 3-сентябрьде қосылған.
С.Раҳимов, ӨзА