Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сизлерди, пүткил Өзбекстан халқын  Халықлар дослығы күни менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.

Биз Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетинде баслаған реформаларымыз процесинде жәмийетимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлеўди ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири етип белгиледик.

Дуньяда Халықаралық  дослық  күни деп қабыл етилген 30-июль сәнесин мәмлекетимизде Халықлар дослығы күни деп жәриялағанымыз ҳәм өзине тән байрам сыпатында кеңнен белгилеўди дәстүрге айландырғанымыз да соннан дәрек береди.

Дүнья көлеминде кеңпейил халық сыпатында тән алынатуғын жанажан Ўатанымызда бүгинги күнде 130 дан аслам миллет ҳәм халық және 16 динний конфессия ўәкиллери тыныш-татыў, аўызбиршиликли болып жасамақта. 157 миллий мәдений орай ҳәм 38 дослық жәмийети жумыс ислемекте.

Мәмлекетимиздеги билимлендириў мәкемелеринде оқыў-тәрбия процесслери өзбек, қарақалпақ, рус, тәжик, қазақ, қырғыз ҳәм түркмен тиллеринде алып барылмақта, туўысқан тил мектеплеринде оқып атырған перзентлеримиз мәмлекет есабынан сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинленбекте.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда шөлкемлестирилген «Дослық үйлери»ниң жумысы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта. Атап айтқанда, Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен усы мақсетлер ушын зәрүр қаржылар қаратылмақта, түрли субсидия ҳәм грантлар ажыратылмақта.

Миллий  мәдений  орайлардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў  мақсетинде  олар мәмлекет тәрепинен заманагөй техникалық үскенелер, музыка әсбаплары, мебель үскенелери, миллий көйлеклер менен тәмийинленди.

Милий мәдений орайлардың жумысы ушын ең көркем имаратлар ажыратып берилди. Бул орайларда турақлы түрде улыўма миллий байрамлар, фестивальлар, концерт ҳәм ушырасыўлар, белгили мәденият ғайраткерлериниң шығыўлары, семинар ҳәм конференциялар өткерилмекте.

«Өзбекстан- улыўма үйимиз» деген жақсы идея барлық миллий мәдений орайлардың сүренине айланғаны дыққатқа ылайық.

Бул жәмийетимизде ҳүким сүрип турған миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығы, тынышлықтың әмелий көрсеткиши болып есапланады.

Өткен жыллар даўамында елимизде Халықлар дослығы фестивальлары шеңберинде өткерилген дөгерек сәўбетлери, дөретиўшилик қарым-қатнаслар, түрли миллет ўәкиллериниң китап  көргизбелери, фотокөргизбелер, халықаралық  конференция ҳәм басқа мәдений-ағартыўшылық илажлар миллетлер ҳәм халықлар арасындағы дослық байланысларының беккемлениўинде және бир әҳмийетли басқыш болды.

Сырт еллерде жасап атырған ўатанласларымыз бенен байланыслар беккемленип бармақта.

«2022-2026 –жылларда Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы  ҳаққында»ғы пәрманда  миллий мәдений  орайларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў белгиленгени де усы бағдардағы жумысларымыздың даўамы екенин көрсетеди.

«Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда түрли миллет жаслары ушын қосымша қолайлы шараятлар жаратыў, олардың пуқаралық миннетин сезиниўи ҳәм аңлаўы, ўатансүйиўшилик сезимин күшейтиў, кеңпейилликке тийкарланған миллетлераралық қарым-қатнас мәдениятын арттырыў сыяқлы қайырлы жумыслар алып барылмақта.

Соңғы жети жылда Өзбекстанның ишки ҳәм сыртқы сиясатында үлкен өзгерислер болып атырғанлығын усы жерде атап өтиў керек. Буны дүнья жәмийетшилиги, халықаралық экспертлер, белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткерлер де тән алмақта.

Орайлық Азия  регионындағы қоңсы мәмлекетлер менен дослық қатнасықлар қайта тикленгени, бурынғы  байланыслар жаңа мазмунда даўам еттирилип атырғаны халқымыздың өтиниш-тилеклерин, арзыў-нийетлерин айқын көрсетпекте.

Ҳүрметли дослар!

Бүгин дүньяда турақсыз жағдай болып атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес. Халықаралық майданда мәмлекетлердиң бир-бирине өз-ара исеними азайып бармақта. Бундай қыйын шараятта өмирдиң өзи бизден мәмлекетимизде болып атырған өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, татыўлық ҳәм аўызбиршилик орталығын және де беккемлеў, жасларды бузғыншы жат идея ҳәм ағымлар, сыртқы тәсирлерден қорғаўға қаратылған жумысларымызды жаңа басқышқа көтериўди талап етпекте.

Көп миллетли ҳәм көп мәдениятлы жәмийетти ақылға урғас басқарыў тараўында Өзбекстан арнаўлы тәжирийбе топлады. Бизиң бул бағдардағы жумысымыз дүнья көлеминде үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Биз буннан былай да мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ролин күшейтиў, олардың ҳуқықларын кепилликлеў арқалы  пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыўға, миллети, тили, дини ҳәм социаллық келип шығыўына қарамастан, ҳәр бир пуқараның ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратамыз. Мәмлекетимизде  миллетлераралық  ҳәм  конфессиялар  арасындағы татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў сиясатын избе-из даўам еттиремиз.

Усындай уллы мақсет жолында елимиз бойлап бир ҳәпте даўамында өткерилген Дослық фестивальлары халқымызды және де бирлестиреди, регионымыздағы тынышлық, миллетлераралық аўызбиршилик ҳәм динний кеңпейиллик орталығын және де беккемлеўге хызмет етеди, деп исенемен.

Әзиз ўатанласлар!

Пурсаттан пайдаланып, сизлерди, путкил халқымызды Халықлар дослығы күни менен және бир мәрте шын жүрегимнен қутлықлайман.

Жанажан Ўатанымызда бәрқулла тынышлық ҳәм абаданлық болсын, көп миллетли Өзбекстан халқына ҳәмийше бахыт-ығбал яр болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

–0–