Бүгин Париж Олимпиадасында бокс бойынша беллесиўлерге старт бериледи.
Олардың биринде -57 кг салмақта қатнасып атырған Өзбекстан сайланды команадасының ағзасы Нигина Ўктамова египетли Йомна Аяд пенен өз-ара беллесиўге түседи.
Ал, 28-июль күни болса, -92 кг салмақтағы боксшимиз Лазизбек Мулложонов италиялы Азиз Муҳиддин, 29-июльде -63,5 кгдағы боксшимиз Руслан Абдуллаев мексикалы Мигел Мартинез бенен, +92 кгда Олимпиада ойынларының әмелдеги чемпионы Баҳодир Жалолов норвегиялы Омар Шиҳа менен, 30-июль күни -54 кг да Нигина Ўктамова арқа кореялы Чолми Панг, -57 кг да Ситора Турдибекова конголы Марселат Сакоби Матшу , -51 кг да Ҳасанбой Дўсматов пуэрто-риколы Хуан Мануэль Лопес,
-80 кг да Тўрабек Хабибуллаев филиппинли Эф Марсиаль менен келеси басқыш ушын гүреске шығады.
Сондай-ақ, 31-июль күни -57 кг салмақта Өзбекстан спорт делегациясының байрақшысы Абдумалик Халоков швециялы Небил Ибраҳим менен палестиналы Васим Абусалдың жеңимпазы менен, -71 кг да Асадхўжа Мўйдинхўжаев египетли Муҳамед Ал Авади, 1-августте -66 кг да Навбаҳор Ҳамидова АҚШлы Сантос Морел Маккейн, -50 кг да Сабина Бобоқулова таиландлы Чутамат Раксатлар менен өз-ара рингте ушырасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.