Быйылғы жылы аймақлық  кәрханаларда 164 триллион сумлық өним ислеп шығарылды, өсиў 8,6 процентти қурады.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.

Атап айтқанда, 87 районда аймақлық санааттыӊ өсиўи республикалық көрсеткиштен жоқары болды. Бирақ, айырым районларда санаат төменлегени, айырымларында дерлик өспегени көрсетип өтилди.

Толық қуўатлықта ислемей атырған 285 кәрхананыӊ жумысы тикленип, өндиристиӊ көлеми 390 миллиард сумға көбейди.

Ўәлаят ҳәкимлери ҳәм жуўапкерлерине және 2 мыӊнан аслам кәрхананыӊ машқаласын шешип, жыл ақырына шекем өндирис көлемлерин тиклеў ўазыйпасы қойылды.

Улыўма, барлық министрлик ҳәм ўәлаят ҳәкимликлеринде Турақлы раўажланыў орайларын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, өзине түсер баҳасын азайтыў, перспективалы базарларға жол ашыў, аймақларда исбилерменлердиӊ мәселесин тез ҳәм ашық-айдын шешиўде 7 экономикалық изертлеў орайы ҳәм жоқары оқыў орынларыныӊ имканиятларынан пайдаланыў зәрүр екени көрсетип өтилди.

ӨзА