Сенаттыӊ Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниӊ мәжилиси болып өтти.

Онда Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниӊ арнаўлы экономикалық зоналар (АЭЗ)диӊ жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оларға сырт ел инвестицияларын тартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси тыӊланды.

Ашық ҳәм хәр тәреплеме додалаў даўамында өндиристи модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, экономикаға тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм инновацияларды тартыў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин арттырыў тараўында мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда арнаўлы экономикалық ҳәм киши санаат зоналарына үлкен әҳмийет берилип атырғаны атап өтилди.

Кейинги жыллары нызамшылықты жетилистириў ҳәм қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў бойынша көрилип атырған әҳмийетли илажлар нәтийжесинде 13 аймақта 25 арнаўлы экономикалық зона жумыс алып бармақта. Оларда улыўма баҳасы 47,1 триллион сумлық 650 жойбар әмелге асырылды.

Соныӊ менен бирге, Сенат комитети тәрепинен өткерилген үйрениўлер ҳәм Сенат Баслығыныӊ мәмлекет аймақларына сапарлары даўамында исбилерменлер менен өткерген сөйлесиўлери барысында АЭЗ жумысыныӊ нәтийжелилигин төменлететуғын бир қатар кемшиликлер анықланғаны айрықша атап өтилди.

Зәрүрли инженерлик-коммуникация инфраструктурасыныӊ стратегиясы узақ мүддетке мөлшерленгени, сондай-ақ, экспорт көрсеткишлериниӊ төменлиги менен байланыслы машқалалар болып табылады.

Буннан тысқары, сенаторлар арнаўлы зоналарды басқарыўдыӊ заманагөй ҳәм нәтийжели механизмлерин енгизиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. АЭЗлерге инвестицияларды тартыў жумысын жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша «жол картасы»ныӊ орынланыўы жағдайына да айрықша итибар қаратылды.

Сенаторлар «жол картасы»ныӊ бир қатар бәнтлери толық ҳәм өз ўақтында орынланбағаны ушын бир қатар тийисли уйымларды сынға алды. Мысалы, усы ўақытқа шекем АЭЗ дирекциялары хызметкерлери ушын маманлық арттырыў курслары шөлкемлестирилмеген, зоналар аймағында өндиристи өз ўақтында жолға қойыў, өнимди экспорт етиў, жаӊа жумыс орынларын жаратыў ҳәм инвестициялық миннетлемелердиӊ орынланыўын жедел қадағалаў имканиятын беретуғын жаӊа электрон система иске түсирилмеген.

Анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша бир қатар усыныслар да билдирилди. Атап айтқанда, санаат зоналарындағы бос жер майданларын тек ғана толық инфраструктура менен тәмийинленгеннен ҳәм жер  майланларын таярлаў жумыслары жуўмақланғаннан соӊ исбилерменлерге ажыратыў тәртибин ислеп шығыў, АЭЗ дирекциясы, ҳәкимшилик кеӊес жумысыныӊ нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм хошаметлеў системасын енгизиў сыяқлы мәселелер усылардыӊ қатарына киреди.

Сенаторлар, тийисли министрлик ҳәм уйымлардыӊ ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасқан мәжилис жуўмағында комитеттиӊ усыныс ҳәм мәсләҳәтлери сәўлеленген қарар қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА