27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни алдынан Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Пердегүл Хожамуратова менен сәўбет.

-Пердегүл апа быйыл көплеген журналистлер, техник хызметкерлер қатарында мийнетиңиз сиңген «Еркин Қарақалпақстан» газетасы жүз жасты қарсыламақта. Усы мәўритлерде биз биргеликте газетаға жумысқа кирген күнлериңизди еслеп, кең жәмийетшиликке өткир қәлемиңиз бенен ҳәр қыйлы жанрларда жазған мақалаларыңыз арқалы танылған дәўирлерге қайтсақ.

-«Еркин Қарақалпақстан» мени журналист сыпатында қәлиплестирген қәсийетли дәргай. Газета бетлеринде усы дәўир ишинде мәмлекетимиз тәрепинен жүргизилген сиясатты, үгит-нәсиятты айтпағанның ѳзинде Қарақалпақстанның соңғы 100 жыллықтағы күнделикли тарийхы жатыр. «Еркин Қарақалпақстан»нан керек болса, усы жыллар ишинде тараўлардың қалай раўажланғанын, оған қандай нисанлардың пидәкерлик мийнети сиңгенин, жаслар тәрбиясы, салт-дәстүрлеримиз қалай ѳзгерип барғанлығын, қулласы, халқымыз турмысына тийисли не зәрүр болса, излегениңди табасаң.

Бул дәргайға кимлердиң қәдеми тийип, кимлер дѳретиўшилиги менен танылмаған дейсиз?! Қасым Әўезов, Сейфулғабит Мәжитов, Ѳзбекстан Қаҳарманлары Тѳлепберген Қайыпбергенов пенен Ибрайым Юсупов сыяқлы уллы тулғалардың усы газетаға басшылық етиўи, Тилеўберген Жумамуратов, Мырзағалий Дәрибаев, Дәли Назбергеновлардан бери қарай Қарақалпақстан жазыўшы-шайырларының ең ири ўәкиллери усы газета редакциясында дѳретиўшилик пенен шуғылланғаны кѳп нәрсени аңлатады.

Сораўыңызға келетуғын болсақ, газета редакцияларындағы хызметимди 30 жастан кейин басладым. Соған шекем мектеплерде, техникумда оқытыўшы болып ислегенмен. Муғаллимшиликтен кейин 15 жылға жуўық районлық ҳәм қалалық газеталарда техник хызметкерден баслап редактордың орынбасары лаўазымына шекемги барлық басқышлардан ѳттим. Қәлемимди ысылдырған, журналисттиң машақатлы жолына салған пайтахттың «Нѳкис ҳақыйқаты» газетасы болды. Усы редакцияда корректор болып ислеп жүрип жазған мақалама газета оқыўшыларынан келген жүзлеген хатларға бола редакторымыздың мен туўралы пикири ѳзгерди. Усы мақала мениң журналистикаға кирип келиўиме себепши болды. Редакцияға тосыннан араласып қалған мен ушын хабаршы болыўым күтилмеген бахыттай түйилди. Сол ўақытлары қәлемимди тѳрт перзентим менен қатар қойып умтылғанман. Енди ойласам, ҳақыйқат ғой деп «қағазға орап» бүркеместен жазған мақалаларым мени журналистлер қатарына илестирген қусайды. Пикирлеримди ашық айтқаным ушын  ескертиўлер, басымлар оқытыўшылығыма қайтара алған жоқ. Қақлығып-соқлығып жүрип «Еркин Қарақалпақстан»ға ѳтиў ушын Бас редакторға хабарластым.

-Қәлемиң бар, сыртыңнан таныйман,-деди газетаның Бас редакторы Қуяш Юсупов. – Бирақ, ѳкпелемейсең, усы ўақытқа шекем ҳаял журналисттен қайыр кѳрмедим. Ҳаял-қызларды жумысқа алмайман деп ѳзиме-ѳзим шәрт айтқанман…

Ўақты келип ол сѳзинен қайтты. 1999-жылы «Еркин…»ге хабаршы болып ѳттим. Соңын ала узақ жыллар газетаның жәмийетлик-сиясий редакциясын басқардым ҳәм ҳаял болғаным ушын мени жумысқа алғысы келмеген редакторым «Мен бир мәселеде алжаспаппан. Сени хабаршы етип жумысқа алғаным дурыс болыпты…» деп, мойынлағанын ашық айтты. Буннан «мотивация» алған мен түрли темаларда, ҳаял-қызлар турмысы, жаслар тәрбиясы, мәденият, билимлендириў…улыўма тараў таңламастан жазыўға ҳәрекет еттим. Ол жақсы, адамгершилиги күшли инсан болды. Жазған сын мақалаларым ушын Бас редактор сыпатында оған жоқарыдан ескерткен жағдайларда «егер ҳақыйқатты жазбаған болса, Хожамуратованы судқа берсин» деп кесип айтар еди. Ҳәтте айырымлар редакцияға мени излеп келип «Тыныш жүр, балаларыңды ойла, қайсысы қай жақта оқыйтуғынын билемиз. Жәрияланған мақалаңды ѳзиң бийкарлап жазасаң! Болмаса…» деп талап қойғанларды нызам жолы менен тыншытты. Арқасында сүйенетуғын басшы турыўы, ҳәр қандай жағдайда екиленбеўи журналисттиң қәлемин және де ѳткирлестирип, исенимди ақлаўға тырысады.

-Соңғы дәўирлерде мәлимлеме технологияларының раўажланыўы менен интернет журналистикасы бираз илгерилеп кетти. Сиз газетаның халық пенен тығыз байланыслы болған жылларында өзиңиздиң журналистлик хызметиңизди атқардыңыз. Бүгинги газеталардың жағдайларына пикириңиз қандай?

– Бурынлары үйине газета бармаса ѳзлерин аш қалғандай сезетуғын, газета оқымаса шайы қонбайтуғын адамлар баршылық еди. Ҳәзир заман басқаша. Жаңалықлардан сол мәўритлердиң ѳзинде хабардар болыў имканиятлары ҳәр биримизде бар. Қайсы нызам керек болса, бурынғыдай «подшипка» ақтармайсаң, қол телефоныңнан излесең таяр. Солай екен, газеталарға бурынғыдай талап жоқ. Илгери жыллары социаллық тармақларда усы гәп жаслар тәрепинен айтылғанда шоршып түскенмен ҳәм газета ѳлиўи мүмкин емес деп кәсиплеслериме мүрәжат пенен шыққанман. Сонда газетаның әҳмийетин қаншелли түсиндирмекши болып шырлағаным менен жаслардың нәзеринде заманнан артта қалған журналист сыпатында қабылланған едим.

Ҳақыйқатында да жаслардың пикиринде жан бар екен. Газеталар шала ѳлип, ҳәзир және тириле баслады. Ѳткен жылларға қарағанда республикалық газеталардың тиражы бираз кѳбейди. Газеталарға ҳүкиметимиз итибар  менен қарай баслады. Жоқарғы Кеңес Баслығы журналистлер менен ушырасып, ўақытын аямастан бар арзыў-ҳалларын тыңлағанда,  имканияты шеңберинде жәрдем кѳрсетиле баслағанда жүдә-жүдә қуўандым. Ҳәзир республикалық газеталардың жәмәәтлери аяқларынан тик басып, жазылыўшылар арасына кирип бармақта. Енди күнделикли баспасѳздиң жасап қалатуғынына кѳзимиз жетти. Газеталардың қызықлы, мазмунлы болып шығыўына бурынғыдан да күшли итибар қаратылса, редакциялар баслама менен шығатуғын ҳәм оны әмелге асыратуғын жас, талантлы, искер журналист кадрлар менен толықтырылса, электрон газеталар жумысларын жеделлестирип, заманға аяқ қосып кете алса, газеталар ѳз оқыўшыларын қайтара алады деген үмиттемен.

– Сизлер ислеген дәўирлерде газета журналистлериниң абырайы жүдә күшли болды. «Еркин Қарақалпақстан»да қарақалпақ журналистикасының ең ири ўәкиллери хызмет етти. Егер сол ўақытларда да социаллық тармақлар усы дәрежеде раўажланғанда танылыў аңсат болар ма еди?

– Дурыс, бизлер бәсекилик жағдайында ислемедик. Устазымыз Атажан аға Халмуратов изиндеги шәкиртлерине: «Есиктен кирген ўақтыңызда министрлер, ҳәкимлер орынларынан турып күтип алмаса, ѳзиңди журналистпен деп есаплама» дер еди. Бизлер оның гәпинде үлкен мәни бар, себеби, қайсы заманда да анаў-мынаў мәнтирсек журналистти ҳеш ким орнынан турып күтип алмайды. Ҳүрмет кѳрсетиўи ушын қәлеми ѳткир, ҳәмме таныйтуғын  журналист болыўы керек деп ҳәрекет еткенбиз.

Әлбетте, сол заманларда да социаллық тармақлар ҳәзиргидей раўажланғанда қандай талантың болса да адамлардың дыққаты бѳлинер еди. Бир ѳкинишли жери, ҳәзир де кѳпшилик адамлар блогер менен журналисттиң жумысларының айырмашылықларына итибар қарата бермейди. Социаллық тармақларда ўақыя-ҳәдийселердиң ҳақыйқатлығына, гәптиң қурылысына, тилдиң тазалығына жуўап бермейтуғын, сенсация ушын мағлыўматларды шала саўатлық пенен жәриялай беретуғын блогерлер ушырасады. Тилекке қарсы, халық арасында болар-болмас, еле анығына жетпеген хабарларға исенип қалатуғынлар, соларға еретуғынлар бар.

Ҳәзир журналистлерге бәсекилик шараятында жумыс алып барыў аңсат болып атырған жоқ. Ѳзлерин кѳрсетиўи ушын ҳәр қашанғыдан да саўатлы, исенимли, қызығарлы мағыўматлар топлаўы, излениўи, адамлардың руўхый дүньясын байытыўға тәсир ете алғандай публицистикалар, аналитикалық мақалалар, заманымыз қаҳарманларының искерлигине қоса характерлерин ашып бере алғандай очерклер, әдил сын кѳз қарастан жазылған дѳретпелерден узақласпаўы тийис деп ойлайман. «Адамларда ўақыт жоқ, ким сала қулаш мақалаңды оқып отырады» деўшилер де табылады. Бирақ, газеталарға дыққат бурынғыдай болмағаны менен бүгин республикалық газеталар 2-3 мың тиражда шығып атыр. Демек, газетаның ҳәр санына кем дегенде бес мыңға шекем адам кѳз жуўыртады. Тек кѳз жуўыртып ысырып қоймаўы биз журналистлерге пайлы. Китап оқыйтуғынлар баршылық. Не ушын жақсы мақала оқылмайды деп ойлайсыз? Оқылады! Бул ушын журналистлерден блогерлер озып кетти деп изге қарағышламай, оқыўшыны газетаға қайтара алғандай қызықлы журналистлик материаллар зәрүр. Социаллық тармақлар қаншелли раўажланбасын, ҳәзир де талантлы журналист ѳзин кѳрсете алғандай майдан бар деп ойлайман.

-Биз таныған Пердегүл апа ҳаял-қызлар арасында белгили журналист ҳаял еди. Ҳүрметли дем алысқа шыққаннан соң  көркем шығармаларды дөретип, бир қатар китапларды баспадан шығарған жазыўшы ҳаялға да айланды. Жазыўшылыққа дәслепки қәдем неден басланды?

– Журналист те, жазыўшы да сѳз бенен ислескени менен екеўиниң арасындағы парқы үлкен. Олардың ўазыйпасы да ҳәр қыйлы. Сондай болса да, журналистлер арасында жазыўшылыққа қол урғанлары аз емес. Бәрқулла халықтың арасында жүрген журналистлер жийи-жийи қызықлы әңгимелер еситиўине, сийрек ушырасатуғын ўақыяларға гүўа болыўына туўра келеди. «Пай, жазыўшы болғанда мына нәрселерден қызықлы әдебий шығарма жазар еди» деген пикирлер бизлердиң де кеўиллеримизден талай ѳткен. Жазажақ қаҳарманлары менен сәўбетте оны ашылыстырыў, ҳеш кимге айтылмаған гәплерин «суўырып» алыў журналистлик шеберликке барып тақалады. Устазымыз, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша  Есемуратова «Не сораў беретуғынын билмейтуғын журналистлерди кѳрсем күйип кетемен. «Гүлайша апа, сизди пропагандалаў ушын келдим, не айтасыз?» деген журналисттиң бетине қарап турып ишим ашыйды. Усы да сораў ма? Бирақ, соларға бағдар бермесек жасы үлкен болғанымыз қайда деймен де, оған керек болар деген мағлыўматларды айтыўға тырысаман» деген еди. Тыянақлы сораў берилмесе де ҳәмме Гүлайша ападай ѳзи билип айта бериў қайда? Қаҳарманыңның кеўил сарайына жол таба билмесең, сол сарай жабықлығынша қалады. Демек, бундай сәўбеттен кейин және бир сыйқақ мақала «есть» деп қоя бересең.

Мениң әдебий шығармаларға қол урыўыма мақалаларымның қаҳарманлары жыласа жылап, күлсе күлип дәртлесиўлерим, булар газета ушын емес, негедур саған жарылғым келди деген ҳаяллардың кеўил кестелери себепши болды. Әлбетте, «газета ушын емес» деген соң мақалаға киргизе алмайсаң. Бирақ, солар кеўилханаңда қат-қабат болып жата берсе, ўақты келип тынышлық бермес екен. Мине, бүгин соларды айландырып, үйирилдирип, әдебийлестирип гүрриңлериме, повестьлериме ѳзек етип алып атырман. Гейде китап оқыўшылары менен ушырасқан ўақытларымда шығармаларыңызда кѳбинесе ѳмирде жүдә сийрек ушырасатуғын ўақыялар туўралы сѳз етесиз, оны қаяқтан аласыз деген сораўлар да болып турады. Ҳақыйқый турмыстан деп жуўап беремен.

Биринши гүрриңим 1995-жыллары қалалық газетада жарық кѳрди.  Унамлы пикирлер еситтим. Бирақ, мен журналистикаға баспүкил берилип кеттим. Ҳүрметли дем алысқа шыққаннан кейин де бирге ислескен журналист қызларға «маған ара-арасында тапсырма берип турсаңыз ғой» дей беретуғын едим.

Әдебий шығармаларымның республикалық газета-журналларда избе-из басылып шығыўы  менде исеним пайда етти. Жақында «Анам түсиме енген күн» атлы алтыншы китабым баспадан шықты. Буннан 15-20 жыл илгериде-ақ ҳәр кѳргенде «сенде «багаж» жетерли, әдебий шығармаларға қол уратуғын ўақтың келди» дей беретуғын Гүлайша апаның айтқаны менен ҳәрекетке кирискенимде бул ўақытқа шекем тәжирийбели жазыўшы болып кетер ме едим…

-Устаз журналист сыпатында бүгинги журналистика тараўында жумыс алып барып атырған жасларға пикириңиз қандай? Олардың аяқ алысларына кеўлиңиз тола ма?

– Бүгинги жас журналистлерге ҳәўесим келеди. Баяғылардай сәл нәрсе ушын тийисли уйымларға шақыртылып ескертилмейди. «Тыныш жүремен» деп қол қойдырылып алынбайды. Белгили дәрежеде ашық-айдынлық бар. Айырым газеталардағы, Қарақалпақстан телевидениесиндеги гѳне сүрдеўлер жаңаланып, талантлы журналистлер кѳзге тасланбақта. Журналистлердиң жаңадан-жаңа идеялар үстинде дѳретиўшилик пенен шуғылланыўына, ѳзлерин кѳрсетиўине имканиятлар жетерли. Соның ушын тоқтап қалмаў керек. Жазыў керек, жуўырыў керек. Халықтың машқаласын алып шығып, елимиздеги болып атырған жаңалықларды жарытып, дәўир қаҳарманларын  сәўлелендирип барыў керек.

–Байрам тилегиңиз.

– Ҳүрметли кәсиплеслер, талантыңызға қоса пидайылық, терең билим ҳәм жоқары мәденият талап етилетуғын кәсип ийелерисиз. Сизлердиң бойыңызда усылардың бәри жәм болып, пүткил ис-ҳәрекетиңиз даўамында парахат турмысты жырлаў, мийнетиңиздиң арқасында атақ-абырайларға ерисиў бахты несип етсин. Кәсиплик байрам бәршеңизге қутлы мүбәрек болсын.

Сәўбетлескен Гүлнара Турдышова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы