Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Жанар май-энергетика тармағында тариф сиясатын және де жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.

Усы қарар менен:

2035-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасы жанар май-энергетика тармағында тариф сиясатыныӊ тийкарғы бағдарлары;

Электр энергиясы ушын тарифлерди қәлиплестириў тәртиби ҳаққындағы реже;

Тәбийғый газ ушын тарифлерди қәлиплестириў тәртиби ҳаққындағы реже;

Министрлер Кабинети жанындағы Уйымлараралық тариф комиссиясыныӊ қурамы;

Министрлер Кабинети жанындағы Уйымлараралық тариф комиссиясы ҳаққындағы реже тастыйықланды.

2035-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасы жанар май-энергетика тармағындағы тариф сиясатыныӊ тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат болады:

пайдаланыўшыларды электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден тийкарланған, бәсекиге шыдамлы ҳәм әдалатлы тарифлер бойынша пайдаланыўын тәмийинлеў;

жанар май-энергетика тармағыныӊ қаржы турақлылығы ҳәм инвестициялық тартымлылығын тәмийинлеў;

өндирис қуўатлықлары, атап айтқанда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында кеӊейтиў, моденризациялаў ҳәм диверсификациялаў, өндирис жумысыныӊ нәтийжелилигин тәмийинлеў, өндиристеги өнимлер ҳәм көрсетилетуғын хызметлердиӊ сапасын жақсылаў;

тарифлерди белгилеўде қайта субсидиялаў әмелиятын басқышпа-басқыш бийкарлаў ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын тәртипке муўапық мәнзилли субсидиялар бериў арқалы халықтыӊ кем тәмийинленген ҳәм қорғаўға мүтәж қатламларын социаллық қорғаўды тәмийинлеў;

жанар май-энергетика тармағында ашық- айдын, избе-из ҳәм алдыннан шамалаў имканиятын беретуғын тәртипке салыўды үйрениў, соныӊ менен бирге, инвесторлар ушын тәртипке салыў тәўекелшилигин азайтыў мақсетинде тарифлерди узақ мүддетке белгилеў әмелиятын басқышпа-басқыш енгизиў;

республиканыӊ барлық аймақларында 2035-жылға шекем халыққа электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдиӊ бирден-бир баҳа сиясаты тийкарында сатылыўын тәмийинлеўден ибарат.

Тариф сиясатыныӊ тийкарғы бағдарлары төмендеги принциплерге тийкарланады:

электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын тарифлер операциялық ҳәм капитал қәрежетлерди толық қаплаўды есапқа алынған ҳалда, оны ислеп шығарыў, узатыў ҳәм басқа система хызметлери, бөлистириў ҳәм сатыў бойынша тийкарланған қәрежетлерден келип шығып қәлиплестириледи;

электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын белгиленген тәртипте тастыйықланған тарифлер 2026-жылдан баслап, үш жылдан аз болмаған мүддетке әмел етеди;

электр энергиясыныӊ бирден-бир ҳәм тәбийғый газдиӊ орайлық сатып алыўшысы электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди Министрлер Кабинети жанындағы Уйымлараралық тариф комиссиясы тәрепинен белгиленген тарифлер бойынша сатып алады ҳәм сатады;

халықтыӊ кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдиӊ базалық нормасын қолланыў ҳәм электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын тарифлер көтерилгенде компенсациялар бериў жолы менен тәмийинленеди.

ӨзА