Қытайдыӊ Шанхай қаласында “Қуяш фотоэлектр станциялары арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм “ақыллы энергетика” бойынша 17-халықаралық әнжуман ҳәм көргизбе өткерилди.

Энергетика министрлиги мәлимлеме хызметиниӊ хабар бериўинше, усы халықаралық илаж шеӊберинде Өзбекстанныӊ “Жасыл энергия” ЖШЖ, Малайзияныӊ “Fabalous Sunview” ҳәм Қытайдыӊ “Huawei Tech. Investment Tashkent” компаниялары арасында бирге ислесиў келисимине қол қойылды.

Бул ҳүжжетте тийкарынан мәмлекетимизде “жасыл” энергетиканы биргеликте раўажландырыў ҳәм социаллық тараў объектлери, мәмлекетлик уйымлардыӊ имарат ҳәм объектлериинде улыўмалық қуўатлылығы 50 МВтлы киши фотоэлектр станцияларын қурыў нәзерде тутылған.

Н.Зиёдуллаева тайёрлади, 

ӨзА