Усы жыл 20-июнь күни халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң гезексиз тоқсан биринши сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда Шоманай районы ҳәкими лаўазымына Аметов Адилбек Оразымбетовичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды. Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.
Сессияда Аметов Адилбек Оразымбетович Шоманай районы ҳәкими етип тастыйықланды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, А.Аметов мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен.
Усыныӊ менен халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң гезексиз тоқсан биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги