14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 33 жылллығына бағышланған илажлар орынларда көтериңкилик руўхында даўам етпекте. Әсиресе, оқыўшы-жаслардың да бул сәнеге үлкен итибар қаратып белсене қатнасып атырғаны қуўанышлы жағдай.

Шоманай районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң “Ўатансүйиўшилик” ағзалары усы мектепте үй шараятында оқыйтуғын  11-класс оқыўшысы М.Қурбановтың үйине барып, жағдайынан хабар алды. Оны байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Дослары оған “Мен де әскер боламан!” атамасындағы китабын саўға етип, мазмуны бойынша пикир алысты. Сондай-ақ, сабақлыққа тийисли әскерий қурал-жарақлар менен таныстырып, Ўатанды қорғаў, Ўатанға садықлық сезимлерин бир-бири менен бөлисти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги