Президент Шавкат Мирзиёевқа зергерлик санаатын буннан былай да раўажландырыў, зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ҳәм сатыў жумысын қоллап-қуўатлаў, таяр өнимлердиң экспортын арттырыўға қаратылған илажлар таныстырылды.
Елимизде зергерлик өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў ушын оғада үлкен имканият бар.
Мәмлекетимиз басшысы елимизде қазып алынып атырған алтынның дерлик 6 проценти қайта исленип, тек ғана 78 миллион доллар муғдарында экспорт болып атырғанын атап өтип, исбилерменлер ушын өз алдына шараятларға ийе зергерлик зоналарының шөлкемлестирилиўи, тараўға шийки зат жеткериў, қәниге таярлаў, өндирис шынжыры ҳәм сатыў системасын пүткиллей қайта көрип шығыў әҳмийетли екенин атап өткен еди.
Сол себепли Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы тәрепинен тийисли усыныслар ислеп шығылды.
Соның ишинде, «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясының жумысын жетилистириў, ўәкилликлерин кеңейтиў ҳәм басқарыў системасын қайта шөлкемлестириў режелестирилген.
Тараўдағы ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Өнермент» ассоциациясының ағзалары ушын берилген жеңилликлерди «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясына ағза болған зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлерге де енгизиў усыныс етилди.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-октябрьге шекем Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын ҳәм зергерлик тараўында пайдаланылған әсбап-үскенелер, қадақлаў ҳәм этикеткалаў өнимлерине бажыхана бажысы ҳәм қосымша қун салығының нольлик ставкасын қолланыў имканияты үйренилмекте.
Өндирис, көргизбе ҳәм саўда майданларын өз ишине алған арнаўлы зергерлик орайларын шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды. Бул бағдардағы пилот жойбарларды Ташкент қаласы ҳәм Наманган ўәлаятларында жайластырыў бойынша мәлимлеме берилди.
Зергерлик өнимлериниң экспортын көбейтиў мәселесине тоқтап өтти. Еки тәреплеме келисиў жолы менен мәмлекетимиз аймағында ислеп шығарылған зергерлик буйымларын Америка Қурама Штатларына «GSP»» системасы бойынша экспорт етиў ушын бажыхана төлемлериниң нольлик ставкасын белгилеў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы додаланған илажларды жетилистирип, 2027-жылға шекемги дәўирде жергиликли зергерлик буйымларын ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыўға тапсырма берди.
ӨзА