Гейде ўақыттың жүдә тез өтип кеткенлигин сезбей қаламыз. Кимлер менендур, туўрысын айтқанда  жан дүньясы, көзқарасы өз-ара жақын инсанлар менен сәўбетлесиў бизиң руўхымызға азық бағышлап, кейпиятымызды көтереди. Жыллар даўамында китаплардан алалмаған билим ҳәм тәжирийбени, жигерлендириўди жақсы қәнигелер, алымлар, шайыр-жазыўшылар, дөретиўши кәсип ийелери менен болған бир-еки саатлық сәўбетлерден алыўымыз мүмкин. Сол ушын да жаслардың жасы үлкен әўлад ўәкиллери менен ушырасыўларын шөлкемлестириўде терең мәни бар. Жасларда күш-жигер, талпыныс, қызығыўшылық күшли, жасы үлкенлерде болса узақ жыллар даўамында мол билим, ақыл ҳәм бай тәжирейбе топланған. Қашан усы еки әўладтағы қәбилетлерди бирлестире алсақ, кәмил инсанлар жетилисип шығары анық. Елимиз бойлап өткерилип атырған «Мәнаўият таратып» жойбары өзинде әне, усындай ийгиликли мақсетлерди жәмлегени менен әҳмийетли.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2024-жыл 13-апрельдеги 03-РА 1-5357-санлы тапсырмасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң 2022-жыл 17-апрель күнги 122-санлы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиң қарақалпақ филологиясы ҳам журналистика факультети «Журналистика» кафедрасының бир қатар профессор-оқытыўшылары 22-май күни Кегейли районындағы 9-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде мийманда болды.

– Биз қәбилетли жасларымыз бенен мақтанамыз, – дейди мектеп директоры С.Мамутова. – Себеби олар еткен мийнетимиздиң жемиси саналады. Оқыўшыларымыздың қолға киргизген киши жетискенлиги артында муғәллимлердиң үлкен мийнети бар. Ҳәр жылы питкериўшилеримиздиң 80 проценттен асламы жоқары оқыў орынларының студенти  болмақта. 2018-жылы «Жас китапқумар» таңлаўының республикалық басқышында жеңимпаз болып, Президент  саўғасы “Spark» автомобилин жеңип алған қызымыз Коканова Нурсулыў мине, быйыл Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа мүнәсип табылды. Буның ҳәммеси китапты дос тутыныўдың, тынымсыз излениўдиң нәтийжеси деп ойлаймыз. Ҳәзирде қызымыз университет студенти. Ҳәм бизлердиң, ҳәм сизлердиң заманласларына, жасларға үлги етип көрсететуғын мақтанышымыз.

Ҳақыйқатында да жасларды озық ойлы, билимли қәниге етип тәрбиялаўда оқыў орынларының биргеликте, бир жан, бир тән болып ҳәрекет етиўи әҳмийетли. Ушырасыў барысында оқыўшылардың өзлери қызыққан маманлық бойынша университеттеги қайсы  бағдарларға тапсырыў мүкин екенлиги ҳаққындағы сораўлары, жазған мақала ҳәм қосықларын оқып берип, пикирлеримизди билиўге қызыққанлығы бизди жүдә қуўандырды. Олардың көпшилиги инглиз тилинде еркин сөйлесе алады. Мектептеги қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, шет тиллери пәнлери муғәллимлериниң поэзия шайдалары екенлигин олардың қәлеминен дөреген қосықларынан билдик. Бизиң болажақ журналистимиз  7-класс оқыўшысы Абатниязова Ҳүрлиман “Qaraqalpaq xaliq ertekleri” телеграмм каналын жүргизеди. Кишкене болса да, билим таратыўға ат салысып атырған қоңыраўдай жағымлы ҳаўазға ийе қызымыздың каналына ағза болсаңыз, перзентлериңиз, ақлықларыңыз ушын  қарақалпақша аудио ертеклерди табасыз. Рети келгенде жақсы нәрселерди де реклама етип кетейик дедик-дә.

Журналистика кафедрасы оқытыўшылары З.Қожықбаева, М.Темирбаевалар өз сөзинде Кегейлиден жүдә көп алым, шайыр, дөретиўшилер, ел ағалары жетилисип шыққанлығын айқын мысаллар менен келтирип өтти. Бердақ бабамыздың “Мен мағрифат излер едим” деп жазғанындай ҳәр бир инсан туўылғаныннан баслап китап пенен жолдас болса руўхый дүньясы бай, креатив пикирлеўши, жаңа нәрселерди ойлап табыўшы болатуғынын уқтырды.


Шынында да ўатанға садықлық, инсаниятқа муҳаббат, кәсипке пидайылық киби уллы туйғылар жоқары мәнаўиятлы қәлиблерде туўылады. Жоқары мәнаўият негизи –билимде. Көп айтылып сыйқасы шығып кеткен ақыл-нәсиятлар болса да, биз оны қайта-қайта айтыўдан шаршамаўымыз керек. Себеби жақсылық та, жаманлықта қайта-қайта тәкирарлаў арқалы сиңдириледи. Бүгинги айырым қосықшылардың алды-қашты мәнис-мазмуны жоқ, талғамсыз қосықлары жаслар санасын уўлап атырғаны киби…

Қулласы, ушырасыў өз-ара пикир алысыўларға бай, аудитория аз болса да жүдә саз өтти. Мектеп китапханасына журналистика кафедрасы профессор-оқытыўшыларының авторлық китаплары саўға етилди.

Н.Мамбетирзаева.

Қарақалпақстан хабар агентлиги