Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддин Исмоиловтыӊ Түркия Республикасы Уллы Миллет Мажлиси баслығы Нуман Куртулмуш басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.

Соӊғы  жылларда еки мәмлекет Президентлериниӊ сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеп әмелге асырып атырған ақылға уғрас сиясаты нәтийжесинде көп тәреплемели бирге ислесиў байланыслары жаӊа басқышқа көтерилди, халықларымыз арасында исенимли дослық атмосферасы жаратылды, байланысларымыз кеӊ көлемли стратегиялық бирге ислесиў дәрежесине алып шығылады.

Ушырасыўда еки тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиў жедел түрге енгени, жедел сиясий байланыс алып барылып атырғанлығы, саўда-экономика ҳәм инвестиция тараўларындағы байланыслар пәти артып баратырғанлығы, нәтийжели мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етип атырғанлығы қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында делегация ағзаларына “Өзбекстан -2030” стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, оныӊ шеӊберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар, жаӊа редакциядағы Конституция нормаларын жүзеге шығарыў бойынша ҳәрекетлер ҳәм  еки палаталы парламенттиӊ жумысы, нызам дөретиўшилиги бағдары, палатаныӊ комитетлери, комиссиялары ҳәм депутатлардыӊ тийкарғы ўазыйпалары ҳаққындағы ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.

Конструктивлик ҳәм өз-ара исеним руўхында өткен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы парламентлераралық байланыслардыӊ кеӊейиўи, оны жаӊа мазмун менен байытыў, нызам дөретиўшилиги тараўындағы тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, “Өзбекстан-Түркия” парламентлераралық дослық топарыныӊ жумысы ҳәм оныӊ шеӊберинде әмелге асырылып атырған бир қатар унамлы ислер атап өтилип, оныӊ жумысын жаӊа басқышқа алып шығыў, мәсләҳәтлесиў ушырасыўларын турақлы түрде өткериўди жолға қойыў, еки мәмлекет парламентлери жанындағы илимий-изертлеў институтлары арасындағы байланысларды орнатыўға келисип алды.

Өз гезегинде, Нуман Куртулмуш соӊғы жыллары Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған теӊ салмақлы, ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат, кеӊ көлемли реформалар ҳәм олардыӊ нәтийжелерин атап өтип, парламентлераралық бирге ислесиўди және де кеӊейтиў ҳәм беккемлеў, усы бағдардағы байланысларды көбейтиў ҳәр тәреплеме пайдалы екенин атап өтти.

-Өзбекстанға сапарымыз даўамында өткерилетуғын ушырасыўлар әмелий ҳәм мазмунлы өтетуғынына исенемен,- деди Уллы Миллет Мажлиси баслығы  Нуман Куртулмуш. – Бүгинги сөйлесиўлер нәтийжели ҳәм қызғын түрде өтти. Билемиз, Өзбекстан дүнья цивилизациясына, илимниӊ раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы уламалар, илимпазлар ели. Буны тек ғана биз, емес ал пүткил жер жүзи биледи. Әне усындай илим ғайраткерлерин жетистирген орайда турғанымыздан қуўанышлымыз. Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Өзбекстанда жаӊа Ояныў дәўири, яғный Үшинши Ренессанстыӊ тийкарын жаратыў бойынша кеӊ көлемли реформалар алып барылып атырғанлығы әҳмийетке ийе. Әсиресе, соӊғы ўақытлары илим, көркем өнер мәденият сыяқлы тараўларда әмелге асырылып атырған ис-ҳәрекетлер өз нәтийжесин берип атырғанына гүўа болып атырмыз. Соны айрықша айтып өтиў мүмкин, еки мәмлекет жетекшилериниӊ жақын дослығы, өз-ара ҳүрмети себепли барлық тараўларда байланысларымыз және де беккемленбекте. Биз, парламент ўәкиллери де Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы саўда экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў,  мәдений-гуманитарлық, билимлендириў, туризм ҳәм басқа тараўларда еки ҳәм көп тәреплемели байланысларды жаӊа басқышқа алып шығыўда белсенди боламыз. Бүгинги ушырасыўымыз болса парламентлераралық байланысларды раўажландырыўда зәрүр әҳмийетке ийе.

Ушырасыўда тәреплер бирге ислесиў байланысларын жаӊа басқышқа алып шығыўға келисип алды.                 

                                                                                                                      ӨзА