Бүгинги күни елимизде жаслар ушын жүдə көплеген имканиятлар жаратылмақта. Мине, усындай мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып атырған Кегейли районындағы 19 -санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары район ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын ҳәр қыйлы жарыс ҳәм таңлаўларда өз белсендиликлерин көрсетип, жеңимпазлықты қолға киргизип киятыр.

Соның ишинде, мектептиң бир топар оқыўшылары 19 -май күни Ташкент қаласында менталь арифметика бойынша 4-15 жас аралығындағы балалар арасында өткерилген жарысқа белсене қатнасып, онда сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтатуғын болсақ, усы оқыўшылар арасынан Шахноза Қәлимбетова, Фарид Муратбаевлар белгиленген ўақыт ишинде, барлық 50 сораўға дурыс жуўап берген ҳалда ең жоқары орынды ийелеўге еристи ҳәм 24-июнь күни Түркияның Стамбул қаласында болып өтетуғын  халықаралық жарысқа жолламаны қолға киргизди.

Ал, Айзия Сарсенбаева, Фатима Базарбаева, Арысланбек Низаматдинов ҳәм Әрман Муратбаевлар биринши, Нурлан Хожабаев, Жәнибек Майлыбаев, Салимжан Қыясов, Азизбек Кеңесбаев, Атабек Қуўатбаевлар екинши,  Атабек  Дәстенбаев, Гүлжан Оразбаева, Аниса Әўезекова, Ақылбек Хожаназаров ҳәм  Айсулыў Сарыбаевалар сыйлы үшинши орынларды ийелеп, өз устазлары ҳәм ата-аналарын қуўанышқа бөледи.

-Бир ярым жылдан берли оқыўшыларға менталь арифметикның әлўан түрли сырларын үйретип келмектемен,-дейди шәкиртлериниң жетискенликлеринен қуўанған Лариса Нурымбетова.-Енди оқыўшыларымыз 9-июнь күни Наманган қаласында гүллер фестивалы шеңберинде Менталь Арифметика бойынша өткерилетуғын республикалық ашық Олимпиада ҳәм буннан соң  Түркияның Стамбул қаласында болатуғын халықаралық менталь арифметика бойынша халықаралық жарысқа қатнасады. Ҳәзирги күнлери оқыўшыларымыз бенен бирге, усы жарысларға пуқта таярлықлар көрип атырмыз.

Арзыгүл Кеңесбаева,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги