Кеше футбол бойынша Европа чемпионатында 3-тур ойынлары басланды.

Онда «А» топарында келеси басқыш мәселесин мүддетинен бурын шешиўге миясар болған Германия Швейцария сайланды командасы менен ушырасты ҳәм Фюллькругтың 90+2 минутында урылған гол есесине жеңилистен қутылып қалды. Швейцария сайланды командасы қурамында болса, 28-минутта Ндое Нойер дәрўазасын анық нышанға алды.

Ал, усы топардағы Шотландия Венгрия сайланды командалары арасындағы ойында болса, Венгрия футболшысы Чобот 90+10 минутта Шотландия дәрўазасына гол урып, өз командасына 3 упай алып берди.

Солай етип топарда өткерилген 3 турдан соң Германия 7 упай, Швейцария 5 упай топлап, келеси басқышқа жол алыўға миясар болды. Венгрия сайланды командасы болса, 3 упай менен үшинши орынды ийелеп, басқа топарлар ишиндеги ең күшли 4 команда атына талабанлықты сақлап тур.

Бүгин Европа чемпионатының «В» топарында және еки ойын болып өтеди.

Олардың биринде мүддетинен бурын келеси басқышқа шыққан Испания 1 упайға ийе Албания менен, әмелдеги Европа чемпионы Италия өз қурамында күшли футболшыларға ийе Хорватия сайланды командасы менен өз-ара гүреске түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы