Республикалық көп тармақлы медицина орайының урология бөлиминде Ташкент қаласында жайласқан Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий урология орайының еки шыпакери қарақалпақстанлы кәсиплеслери ушын шеберлик сабақларын өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий урология орайының бөлим баслығы Жалал Жамилов ҳәм уролог шыпакер Муҳаммед Бахадырханов тәрепинен алып барылған шеберлик сабақларында денсаўлықты сақлаў системасында урология бағдарындағы жаңа заманагөй емлеў усыллары ҳаққында кең түрде түсиник берилди.

25-27-июнь күнлери аралығында республика шыпакерлери ташкентли кәсиплеслери менен биргеликте 8 қурамалы операция әмелиятын өткерди. Пайтахтымыздағы урология бөлиминде ҳәм Қоңырат, Мойнақ районларының медициналық бирлеспелеринде ташкентли қәнигелер тәрепинен пуқаралар медициналық тексериўден өткерилип, анық диагнозлар қойылды ҳәм анықланған кеселликлер бойынша зәрүрли белгиленди. Усы күнлерде Республикалық қәнигелестирилген медициналық илимий-әмелий урология орайы шыпакерлериниң лекциялары шөлкемлестирилди. Онда сидик жолларындағы инфекциялар, тас кеселликлери сыяқлы урологияның әҳмийетли машқалаларына арналған баянатлар тыңланды.

Халықты медициналық тексериўден өткериў илажлары даўам еттирилмекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.