Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеӊберинде сектор мәжилислери, дөгерек сәўбетлери, презентациялар, ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери сыяқлы илажларда әҳмийетли мәселелер додаланбақта.
Бүгин Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Сырт ел инвесторлары кеӊесиниӊ гезектеги жалпы мәжилиси болып өтпекте. Илажда жетекши компаниялар ҳәм банклер, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларыныӊ ўәкиллери қатнаспақта.
– Әнжуман ҳәм оныӊ шеӊбериндеги илажларда үшинши мәрте қатнасып атырман, – дейди Ислам раўажланыў банки регионаллық орайыныӊ баслығы Иброҳим Шукрий. – Бул процесслерде қатнасып, мәмлекетиӊизде алып баралып атырған экономикалық реформалардыӊ нәтийжесине гүўа болмақтамыз. Соныӊ менен бирге, инвесторларға жаратылып атырған имканиятларға да гүўамыз. Жылдан-жылға мәмлекетиӊизге келип атырған компаниялардыӊ көлеми сезилерли артып атырғаны бул пикиримиздиӊ дәлиллейди. Өзиниӊ анық мақсет ҳәм концепциясына ийе инвесторлардыӊ ҳеш бириниӊ пикири итибардан шетте қалып атырғаны жоқ. Ислам раўажланыў банкиниӊ ўәкили сыпатында бул процесслерде қатнасып, ҳүкимет пенен бирге әҳмийетли жойбарларды әмелге асырып атырғанымыздан миннетдармыз. Бирге ислесиўимиз даўамлы болатуғынына үмит етемиз.
Кеше форумда Президентиӊиздиӊ шығып сөйлеген сөзин дыққат пенен тыӊладым. Баянатты инвесторлар айрықша қоллап-қуўатлады. Олар усыныс етилип атырған имканиятларды мақулламақта. Яғный берилип атырған жеӊилликлердиӊ салмағы инвесторларға мотивация болмақта.
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзА