Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан халық шайыры Муҳаммад Юсуфтың туўылғанына 70 жыл толыўына арналған «Ана Ўатан жыршысы» атамасындағы әдебий кеше болып өтти,-деп хабар бермекте институт баспасөз хызмети хаткери И.Мәтеков.

Илажды институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров басқарып барды.

Түркий тиллер факультети өзбек әдебияты кафедрасы тәрепинен шөлкемлестирилген кешеде профессор Гулмирза Қурбаниязов, филология илимлериниң кандидаты, доцент Садулла Матякупов, қазақ әдебияты кафедрасының доценти Турсынай Төрткүлбаева, өзбек тили кафедрасының таяныш докторанты Матлуба Ешбоева ҳәм басқа да илимпазлар шығып сөйлеп, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, көркемлик шеберлиги, оның шығармаларында Ўатан, туўған жер тематикасы, шайыр қосықларының қарақалпақша аўдармаларының семантикалық өзгешеликлери ҳаққында баянатлар жасады.


 Өзбекстан халық шайыры, халқымыздың сүйикли перзенти Муҳаммад Юсуф 1954-жыл 26-апрельде Әндижан ўәлаятының Марҳамат районы Қаўыншы аўылында дүньяға келген. Оның дәслепки қосықлары өткен әсирдиң 70-жылларынан баслап баспасөз бетлеринде жарық көрген.

Өмири даўамында «Китапқумарлар» жәмийети, көплеген әдебий газета, журналлар, баспаханаларда, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигинде, сондай-ақ, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары сыяқлы жуўапкерли ўазыйпаларды атқарған.

Оның қосықлары күнделикли баспасөзде турақлы түрде жәрияланып турғанына қарамастан дәслепки қосықлар топламы 1985-жылы «Таниш тераклар» атамасында баспадан шығарылды. Буннан соң шайырдың «Булбулга гапим бор», «Илтижо», «Уйқудаги қиз», «Ҳалима энам аллалари», «Ишқ кемаси», «Кўнглимда бир ёр», «Бевафо кўп экан», «Ёлғончи ёр», «Эрка кийик», «Осмонимга олиб кетаман» сыяқлы поэзиялық топламлары, сайланды шығармалары китапқумарлардың қолларына жетип барды.

«Уйқудаги қиз» атамасындағы қосықлар топламы ушын оған республикалық Жаслар аўқамының сыйлығы берилди.

Ол ири поэтикалық жанрларда да қәлем тербетип, «Осмоннинг охири», «Қора қуёш» сыяқлы дәстанларды жазды.

Муҳаммад Юсуфтың ғәрезсизлик дәўиринде жазған қосықлары оғада айрықша итибарға ылайық болды. Оның усы дәўирде дөреткен жоқары дөретиўшилик табыслары ушын 1998-жылы Өзбекстан халық шайыры ҳүрметли атағы берилди. Ол Өзбекстан тарийхында усындай ҳүрметке бөленген ең жас шайыр болып табылады.

Тилекке қарсы, Муҳаммад Юсуфтың өмири қысқа болды. Ол 2001-жылы 31-июльда Қарақалпақстан Республикасының Елликқала районында болған дөретиўшилик сапары ўақтында, жүзлеген ықласбентлери алдында қосық оқып турған ўақтында жүрек аўырыўынан қайтыс болды.

Ол ҳақыйқатшыл шайыр, ҳадал ҳәм пәк кеўил ийеси еди. Шайыр муҳаббат ҳаққында жырласа да, бийопа яр туўралы қосық жазса да ямаса тарийхымыз бетлерин ақ қағазға қараласа да – оларда ҳәмийше өмирге, ҳақыйқатқа болған умтылыў сезилип турады. Оның қосықлары халқымыздың ядында мәңги сақланып қалады.

Әдебий кеше факультет студентлериниң атқарыўындағы көркем-әдебий бөлим менен даўам етти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги.

И.Матековтың түсирген сүўретлери