Мағлыўматларға қарағанда елимизде 4 мың 400 ге  шамалас дизимнен өткен жабайы өсимлик түрлери бар. Илимпазлар бул көрсеткиш турақлы өсип атырғанлығын айтып өтпекте. Себеби елимиздиң айрықша тәбияты, өзине тән ландшафтлары жаңа ашылыўларды күтип турыпты.

Өзбекстан өзиниң Батыс Тянь-Шандағы Чатқал, Қурама, Угам ҳәм Писком, Памир Алайдағы Нур Ата Зарафшан, Ҳисор, Түркстан сыяқлы бийик таўларына, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң 80 % аймағын ийелеўши Қызылқўм-Үстирт шөллериндеги жаңа өсимликлер дүньясына ийе.

Ол жерлердеги сийрек гезлесетуғын өсимлеклер түрин анықлаў жаңа өсимлик атларын дүнья илимлерине  танытыў  ушын илимпазлардан узақ излениў ҳәм бирге ислесиў талап етиледи.

Илимлер академиясы Ботаника институты илимпазлары тәрепинен дүнья илими ушын жаңадан өсимлик түрлерин анықлаў ҳәм оларды үйрениўде сырт елли илимпазлар менен бирге ислесиў байланыслары жолға қойылған.

Қытайдың Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси, Қытай Илимлер академиясы вице президенти, Шинжон Экология ҳәм география институты Шинжон бөлими директоры ҳәм басқа қәнигелерден ибарат делегация Ботаника институтына келди.

Сапар даўамында тәреплер өз-ара пайдалы илимий байланысларды раўажландырыў ҳәм  жаңа перспективалы  жойбарларды режелестириў мақсетинде экосистемаларды қорғаў, биологиялық ҳәр түрликти сақлаў, өсимликлерди ҳәр тәреплеме изертлеў мәселелерин додалады.

Бул ушырасыў ҳәр еки мәмлекет илимпазлары арасында илимий бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеў, илимий мәлимлеме алмасыўды раўажландырыў, ҳәзирги күнде әҳмийетли ҳәм әмелий әҳмийети жоқары болған фундаментал ҳәм әмелий илимий  жойбарларды биргеликте орынлаўға тийкар жаратады,- деди академик Камилжан Тәжибаев.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында илимпазлар өсимликлер  филогениясы, эволюциялық тарийхы ҳәм таксономиясы хаққындағы  изертлеўлерди, биоклиматология ҳәм ҳаўа өзгериўиниң биологиялық түрлерине тәсирин баҳалаў бойынша изертлеўлерди биргеликте алып барыўға келисип алды.

Ушырасыў соңында мийманлар Өзбекстан Миллий гербарийлер фондындағы материаллар, сийрек ушырасатуғын объектлер менен танысты.

            ӨзА