Президентимиздиӊ басламасы менен Арал теӊизиниӊ қурыған түбинде тоғайлықларды пайда етиў бойынша жумыслар жеделлик пенен алып барылып, бүгинги күни улыўма миллий ҳәрекетке айланды.

Бул қайырлы иске тек республикамыздан емес, ал мәмлекетимиздиң барлық жерлеринен пуқаралар, соныӊ ишинде, жоқары оқыў орынларыныӊ профессор-оқытыўшылары менен студент-жаслары да өзлериниӊ үлесин қоспақта.

Атап айтқанда, Наманган инженерлик-технология институтыныӊ бир топар қәбилетли студентлери менен  профессор-оқытыўшыларынан ибарат жәмәәт Президентимиздиӊ басламасын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Мойнақ районында болды. “Жасыл мәкан” улыўма миллий  жойбары шеӊберинде инстититут жанында шөлкемлестирилген “Жасыл мәкан волонтёрлары” топары тәрепинен аймақтыӊ климат шараятына сай келетуғын жийде, сексеўил нәллери ҳәм туқымы егилди.

– Студентлик жылларымда ҳәм саяхат, ҳәм қайырлы иске қосылғанымнан қуўанышлыман,-дейди усы институттыӊ белсенди жасларынан бири Сайидали Ҳайиталиев. –Арал теӊизи ҳаққында көп еситкенмен, бирақ өз көзим менен биринши мәрте көриўим. Биз өзимиз бенен бирге нәллер алып келдик ҳәм теӊиздиӊ қурыған аймағына ектик. Келешекте егилген нәллер бул жерден көтерилетуғын шаӊ-тозаӊларды иркип, Мойнақ тәбиятыныӊ еле де шырайлы болыўына  хызмет етеди.

Студентлер мәмлекетимиз экологиясына өзлериниӊ үлесин қосқанынан қуўанышлы болып қайтты. Институт жанындағы “Жасыл мәкан волонтёрлары” топарынан ибарат гезектеги делегация Арал теӊизиниӊ түбине гүз айларында терек нәллерин егиўди режелестирмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги