“Юксалиш” ҳәрекети, “Search for Common Ground”  халық аралық коммерциялық емес шөлкеминиң Өзбекстандағы филиалы ҳәм  Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги биргеликте  #Yoshxabardor: “Жаслар коррупцияға қарсы” жойбарын әмелге асырмақта.

Жойбар шеңберинде 16 жастан 29 жасқа шекемги жаслар ушын тренинглер өткерилмекте. Дәслепкиси усы жылдыӊ 18—19 апрель күнлери Нөкис қаласы жаслары қатнасыўында болып өтти.

Жәми 18 ай мүддетте әмелге асырылыўы режелестирилген жойбардыӊ мақсети – елимиздеги мәмлекетлик уйымлардың коррупцияға қарсы ис-ҳәрекетлеринде жаслардыӊ қатнасын күшейтиў, бул иллеттиӊ алдын алыў ҳәм хабардар етиў түсиниклерин беккемлеўде, олардың коррупцияға қарсы қәўипсиз ҳәм конструктив тәризде гүресиў бойынша жаңа көнликпелерге ийелеўинде әмелий жәрдем бериў болып табылады.

Тренинглерди табыслы жуўмақлаған ҳәм ден саўлықты сақлаў, билимлендириў, бәнтлик тараўларында жергиликли коррупцияны анықлаў бойынша өз басламаларын алға қойған белсенди жаслар топарларының ҳәр бирине 3 мыӊ АҚШ долларынан ибарат 5 киши грант усыныс етиледи. Буннан тысқары, ҳәр бир аймақта индивидуал тренерлик ҳәм тараў бойынша семинарлар өткериў арқалы коррупцияға қарсы жаслар тармағын дүзиўге жәрдем бериледи.

Еки күнлик семинар-тренинг соӊында қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги