Марғуланда биринши рет шөлкемлестирилген фестивальда Қаршы, Ташкент, Әндижан, Нөкис ҳәм Марғуландағы «Zamin Creative» студияларының жаңа қатнасыўшылары ҳәм питкериўшилери қатнасты.

Медиа бағдарда қатнасыўшылар дүнья жүзине белгили риштанлы гүлал Алишер Назиров ҳәм Естелик жипек гезлемелери фабрикасы менен биргеликте «Нәзер» көргизбесин таярлады.

Жас актёрлар өзлериниң сахна көринислеринде тереклердиң кесилиўи ҳәм теңизлер қурыўы сыяқлы әҳмийетли экологиялық темаларды көтерди.

Жас дизайнерлер «биргеликте, бир пүтин болыў» идеясын тийкар етип, миллий қурақ усылы, яғный майда бөлекшелерден бир пүтин буйым жаратыў дәстүри арқалы инсанның тәбиятқа меҳрибан мүнәсибетин ашып берди.

Зироат Мирзиёева балаларды фестивал табыслы жуўмақланғаны менен қутлықлады, дөретиўшилигине табыслар, өз потенциалын жүзеге шығарыўға бағдарланған жолда толық еркинлик, қуўаныш ҳәм илхам тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги