Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Шымбай районында халықтың мүнәсип турмыс шараятын ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди.
Онда районға республикадан бириктирилген ўәкиллер, район белсендилери ҳәм пуқаралар жыйынлары жетилиги қатнасты.
Мәжилисте бүгинги күнде пуқаралардың қосымша дәраматқа ийе болыўы ушын олардың қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў мәдениятын арттырыў, үй қапталында биогумус таярлаў, қусшылық, пал ҳәррешилик, шарўашылық сыяқлы халқымыз арасында пайдаланылып киятырған дәстүрий жумысларды кең түрде ен жайдырыў, сондай-ақ, жаслардың қосымша дәраматқа ийе болыўын тәмийинлеў мақсетинде жер майданларында бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар сын көзқараста көрип шығылды. Атап айтқанда бул бағдарда пуқаралар жыйынларындағы жумыслардың әмелде орынланыўы, берилген есабатларда қосып жазыўларға жол қойылғанлығы, пуқаралардың қыйтақ жер мәдениятын арттырыў бағдарында илажлардың талап дәрежесинде алып барылмағанлығы сынға алынды.
Усы сыяқлы ўазыйпаларды шөлкемлестириўде жол қойған қәте-кемшиликлери ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын бир қатар пуқаралар жыйынлары жетилиги интизамий жазаға тартылды. Айырым пуқаралар жыйынларыныӊ белсендилери ийелеп турған лаўазымынан босатылды.
Мәжилис соӊында тийисли тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги