Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 18-апрель күни мәмлекетлик сапар менен Душанбе қаласына келди.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықлары тек ғана қоңсы емес, ал әсирлер даўамында туўысқан болып, бир булақтан суў ишип, бир ҳаўадан дем алып, бир аспан астында дөретиўшилик жумыслары менен шуғылланып келген, жақсы жаман күнлерде бирге турып, қыйыншылықларды жеңип өткен. Бир дин, уқсас мәденият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер бир-бирине беккем байланысып турады.
Президентлердиң сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеп жүргизип атырған ақылға уғрас сиясаты себепли кейинги жыллары мәмлекетлеримиздиң көп тәреплемели бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтерилди, халықларымыздың дослығы және де беккемленди.
Пайтахт аэропортында мәмлекетимиз басшысын Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон күтип алды.
Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине қараўыл сап тартты ҳәм еки мәмлекет байрақлары көтерилди. Өзбекстан Президентин күтип алыўда Тәжикстан жаслары ҳәм дөретиўшилик топарлары ўәкиллери де қатнасты.
Соң Президентимиз «Дўстий» майданына барып, Исмоил Сомоний естелигине гүл қойды.
Душанбедеги «Қасри Миллет» сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыўға бағышланған салтанатлы мәресим болды.
Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине қараўыл сап тартты. Еки мәмлекет гимнлери жаңлады.
Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон қараўыл сапы алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын бир-бирине таныстырды.
Рәсмий күтип алыў мәресиминен кейин Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон тар шеңберде ушырасыў өткерди.
Сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық бирге ислесиў, аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Жетекшилер Орайлық Азияның мәплерин алға қойыў ҳәм оның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерди бирлестириў мақсетинде регионаллық структуралар ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңберинде конструктив бирге ислесиўди буннан былай да даўам еттириўге умтылысларын тастыйықлады.
Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылыўы Өзбекстан – Тәжикстан қатнасықларында сапа жағынан жаңа басқышқа өтиў екени атап өтилди.
Сол мәниде, аўқамласлық қатнасықлардың потенциалын жүзеге шығарыў барлық дәрежелердеги қарым-қатнаслардың нәтийжелилигин арттырыўды талап етиўи атап өтилди.
Соңғы жыллары товар алмасыў көлеми 40 есеге өскенин атап өтиў керек. Қоспа кәрханалардың саны 15 есеге көбейди.
Ҳүкиметлер алдына товар алмасыўды 2 миллиард долларға жеткериў, сондай-ақ, өз-ара өним жеткерип бериў номенклатурасын кеңейтиў, шегаралды саўда зоналарын жедел иске түсириў ўазыйпасы қойылды.
Сапар алдында Өзбекстан – Тәжикстан бизнес форумы нәтийжели өткерилген болып, оның жуўмағында жаңа кооперация жойбарлары ҳәм саўда шәртнамаларының үлкен портфели қәлиплестирилди.
Машина қурылысы, электротехника, энергетика, кәншилик, аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм фармацевтика тармақларындағы өз-ара пайдалы жойбарлар усылар қатарына киреди.
Тәреплер кооперация жойбарларын әмелге асырыў бойынша анық режелерди де белгилеп алды. Усы мақсетте биргеликтеги Инвестиция компаниясының потенциалынан пайдаланылады.
Мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Кинотамашалар, концертлер, спектакльлер, көргизбелер ҳәм жаслар форумлары турақлы өткерилетуғыны атап өтилди. Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, қолайлы туризм бағдарламаларын ислеп шығыў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Президент Эмомали Раҳмонды өзине қолайлы болған ўақытта Өзбекстанға сапар менен келиўге шақырды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон сөйлесиўлерди еки мәмлекет рәсмий делегациялары қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирди.
Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда және де тереңлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
– Кейинги жыллары жоқары дәрежедеги өз-ара исеним ҳәм қоллап-қуўатлаў руўхындағы жедел сөйлесиў нәтийжесинде мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықлар мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилди, – деди Шавкат Мирзиёев.
Соның менен бирге, кең көлемли бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын еле иске қосылмаған үлкен потенциал ҳәм үлкен имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
– Бүгин қол қойылып атырған Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы тарийхый шәртнаманы әмелге асырыў ушын барлық дәрежелерде – парламентлер, ҳүкиметлер, сыртқы сиясий мәкемелер, министрлик ҳәм аймақлар арасындағы қарым-қатнасықлардың нәтийжелилигин арттырыў зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентлер терең санаат кооперациясын хошаметлеў ушын энергетика, электротехника, металлургия, қазып шығарыў, тоқымашылық, фармацевтика, агросанаат ҳәм басқа тармақларда әҳмийетли жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилгенин алғыслады.
Суўдан пайдаланыў мәселелеринде конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы қарым-қатнасты даўам еттириў мәселелери додаланды.
Президентимиз аймақлараралық бирге ислесиў ушын үлкен потенциалдан нәтийжели пайдаланыў, сапар даўамында ерисилген келисимлерди толық әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти.
Транспорт ҳәм транзит тасыўлар тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық бағдар сыпатында көрсетип өтилди. Президентлер бул бағдарда өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиў ҳәм ҳаўа, ҳәм темир жоллары арқалы тасыўларды раўажландырыў, транзит жүк тасыўлар көлемин арттырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўды қоллап-қуўатлады.
Тәреплер мәдений-гуманитарлық алмасыўды және де жедел қоллап-қуўатлаўға келисип алды.
Заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде беккем байланысларды даўам еттириў, Аўғанстанда социаллық-экономикалық жойбарларды алға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.
Регионаллық ҳәм халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге таярлық билдирилди.
Мәжилис даўамында Бас министрлердиң орынбасарлары, транспорт, энергетика ҳәм аўыл хожалығы министрлериниң күн тәртиби бойынша есабатлары тыңланды.
Өз-ара келисимлер жуўмағында мәмлекет басшылары биргеликтеги «жол картасы»н таярлаў ҳәм ерисилген келисимлерди нәтийжели әмелге асырыў механизмлерин жолға қойыўға тапсырма берди.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.
Буннан тысқары, мәмлекет басшыларының қатнасында еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти.
Улыўма, сапар даўамында Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўдиң дерлик барлық бағдарларын қамтып алыўшы 28 ҳүжжет, атап айтқанда:
– Санаат тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Санаат мүлкин қорғаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Жоқары тәжирийбели илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды аттестациядан өткериў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Илимлер академиялары арасындағы илимий бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– мәмлекет шегарасы арқалы өткериў пунктлери, халықаралық автомобиль ҳәм авиация қатнаўлары ҳаққындағы келисимлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында протоколлар;
– Ветеринария ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў мәкемелери арасындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– мәденият ҳәм туризм тараўындағы бирге ислесиў, агросанаат комлексиндеги шерикликти және де раўажландырыў бойынша «жол карта»лары;
– Әндижан, Наманган, Сырдәрья, Ферғана, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Сўғд ўәлаяты, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәм Хатлон ўәлаяты арасында бирге ислесиў ҳаққында келисимлер ҳәм 2024-2026-жылларға мөлшерленген «жол карта»лары ҳәм басқа ҳүжжетлерге қол қойылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон бирдей тарийхый мийрас, руўхый қәдирият ҳәм дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлаў ҳәм ен жайдырыў бойынша нәтийжели жумысы, сондай-ақ дос халықларымыз арасындағы дослық байланысларын беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси ушын еки мәмлекет мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң бир топарына ҳүрметли атақлар берди.
Мәмлекетимиз жетекшисиниң мәмлекетлик сапары шеңберинде усы атақлар менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Тәжикстан миллий консерваториясы ректоры Мирали Дўстизода, Тәжикстан миллий консерваториясы доценти Исмоил Назриев, Тәжикстан Ҳүкиметине қараслы Телевидение ҳәм радио комитетиниң Ф.Шахобов атындағы «Шошмақам» ансамбли басшысы Фурқат Саидзода, Бобожон Ғафуров районы шошмақам ансамбли баслығы Тўлқин Тажибаев, А.Жўраев атындағы Тәжикстан мәмлекетлик филармониясы «Фалак» ансамблиниң көркемлик жақтан басшысы Раҳматулло Ҳошимов «Өзбекстан Республикасы халық артисти» ҳүрметли атағына ийе болды.
Өзбекстан миллий музыка өнери институты «Мақам атқарыўшылығы» кафедрасы профессоры Муножатхон Йўлчиева, Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы «Ләзги» қосық ҳәм аяқ-ойын ансамбли баслығы Ағабек Собиров ҳәм қосықшы Юлдуз Усмоноваға «Тәжикстан халық жыршысы» ҳүрметли атағы, Өзбекстан миллий академиялық драма театры директоры Ёдгор Саъдиевқа «Тәжикстан халық артисти» ҳүрметли атағы берилди.
Мәмлекет басшылары ҳүрметли атақларды өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден кейин ғалаба хабар қураллары ушын баянат пенен шықты.
Өзбекстан Президенти Тәжикстан Президенти ҳәм халқына ҳәр қашанғыдай қызғын ҳәм шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Тәреплер дослық ҳәм исеним орталығында өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўлар жуўмақларын жоқары баҳалады.
– Және бир мәрте атап өтемен, Тәжикстан Өзбекстан ушын ең жақын, исенимли, әсирлер менен сыналған стратегиялық шерик. Дос өзбек ҳәм тәжик халықлары көп әсирлик дослық қатнасықлары менен тығыз байланысқан. Бизди улыўма тарийх, мәдений ҳәм руўхый қәдириятлар, дәстүр ҳәм үрп-әдетлер бирлестирип турады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Туўысқан халықларымыздың тийкарғы мәплерине толық сәйкес келетуғын Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы усы сапардың анық тарийхый нәтийжеси болғаны атап өтилди:
– Бул қәдем менен Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы көп тәреплеме стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлықты тереңлестириў бойынша артқа қайтпас жолдан жүриўге умтылысымызды тастыйықладық. Бул әҳмийетли ҳүжжет, сөзсиз, еки тәреплеме қатнасықларда жаңа тарийхый дәўирди аңлатады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Саўда ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары етип белгиленди.
Кейинги жыллары бир неше он есеге көбейген товар алмасыў турақлы өсип баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Еки мәмлекет ҳүкиметлери алдына товар алмасыўды, сондай-ақ, үшинши мәмлекетлерден импорттың орнын жедел толтырыў арқалы 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Күни кеше өткен бизнес-форумда салмақлы шәртнамалар ҳәм келисимлер топламына қол қойылғаны усы мақсетке хызмет етеди.
Сондай-ақ, «Айбек – Фотехобод» шегаралды еркин саўда зонасы ҳәм «Андархон» саўда-логистика орайын шөлкемлестириў жумысларын жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ўақтында санаат кооперациясында, бәринен бурын, еки мәмлекет бир-бирин толықтырып турған дәстүрий тармақларда жаңа өсиў ноқатлары белгилеп алынды.
Машина қурылысы, энергетика, электротехника, металлургия, қазып шығарыў, тоқымашылық, фармацевтика, агросанаат ҳәм басқа әҳмийетли тармақлардағы биргеликтеги жойбарлар усылар қатарына киреди.
Бундай әҳмийетли жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Өзбекстан –Тәжикстан инвестиция компаниясының потенциалынан нәтийжели пайдаланылады.
Суў-энергетика тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Трансшегаралық суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў тараўында конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириўге таярлық билдирилди.
Бирге ислесиўдиң және бир стратегиялық бағдары – еки мәмлекет транспорт-транзит потенциалын арттырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў.
Жолаўшы ҳәм жүклер тасыў көлемин арттырыў, заманагөй шегаралды ҳәм бажыхана инфраструктурасын жаратыў бойынша биргеликтеги илажлар көриледи.
Аймақлараралық бирге ислесиў потенциалын иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.
Көргизбелер, театрлардың дөретиўшилик сапарлары, жаслар ҳәм билимлендириў форумларын турақлы өткериў, спорт бағдарламаларын әмелге асырыў, туризм хызметлерин кеңейтиў арқалы мәдений-гуманитарлық алмасыўды тереңлестириў мәселелери келисимлерден әўмийетли орын ийеледи.
Тәреплер усы тарийхый сапар, оның нәтийжелери ҳәм қол қойылған әҳмийетли ҳүжжетлер еки мәмлекеттиң жедел раўажланыўына хызмет ететуғынына, дос Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықларының улыўма абаданлығын тәмийинлейтуғынына исеним билдирди.
Душанбе қаласындағы «Кўҳи Борбад» көркем өнер сарайында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында «Дослық ақшамы» болып өтти. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон концертти биргеликте тамашалады.
Еки мәмлекет көркем-өнер ғайраткерлериниң бундай концертлери халықларымыз арасындағы мәңги ҳәм шын дослықты аңлатыўшы жақсы дәтүрге айланған. Мийрим-шәпәәтли болыў, тыныш-татыў жасаў – халықларымыздың әзелий әрманы ҳәм шын умтылысы болып есапланады. Бүгин усы арзыў-нийетлер турмысқа енбекте, мәмлекетлеримиз жетекшилериниң күши ҳәм ҳәрекетлери себепли халықларымыз және де жақынлады, мәмлекетлер аралық қатнасықлар аўқамласлық дәрежесине көтерилди.
Бул тәреплер бүгинги концерт бағдарламасында және бир мәрте тастыйықланды. Қәбилетли көркем өнер ўәкиллери атқарған қосықларда халықларымыз мәдениятының байлығы, өзине тәнлиги ҳәм соның менен бирге уқсаслығы өз көринисин тапты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстан Республикасына мәмлекетлик сапары даўам етпекте.
ӨзА