Душанбедеги «Қасри Миллет» мәмлекетлик резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди, аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Жетекшилер Орайлық Азияның мәплерин алға қойыў ҳәм оның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириў мақсетинде регионлық структуралар ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңберинде конструктив бирге ислесиўди буннан былай да даўам еттириўге умтылысын тастыйықлады.

Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылыўы Өзбекстан-Тәжикстан қатнасықларында сапа тәрепинен жаңа басқышқа өтиў екени атап өтилди.

Сол мәниде, аўқамласлық қатнасықларының потенциалын жүзеге шығарыў барлық дәрежелердеги қарым-қатнаслардың нәтийжелилигин арттырыўды талап ететуғыны атап өтилди.

Соңғы жыллары товар алмасыў көлеми 40 есеге өскенин атап өтиў керек. Қоспа кәрханалар саны 15 есе көбейди.

Ҳүкиметлер алдына товар алмасыўды 2 миллиард долларға жеткериў, сондай-ақ, өз-ара өним жеткерип бериў номенклатурасын кеңейтиў, шегаралды саўда зоналарын жедел иске түсириў ўазыйпасы қойылды.

Сапар алдында бизнес форумы нәтийжели өткерилген болып, оның жуўмағында жаңа кооперация жойбарлары ҳәм саўда шәртнамаларының үлкен портфели қәлиплестирилди.

Машина қурылысы, электротехника, энергетика, кәншилик, аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм фармацевтика тармақларындағы өз-ара пайдалы жойбарлар усылар қатарына киреди.

Тәреплер кооперация жойбарларын әмелге асырыў бойынша анық режелерди де белгилеп алды. Усы мақсетте биргеликтеги Инвестиция компаниясының потенциалынан пайдаланылады.

Мәмлекетимиз басшысы Президент Эмомали Раҳмонды өзине қолайлы болған ўақытта Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт етти.

 

ӨзА