Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда оқыўға киргизип бериўди ўәде еткен пуқара усланды.

Атап айтқанда пуқара Д.Ж. пуқара Д.Б.ныӊ исенимине кирип, оны Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ техника факультетине оқыўға киргизип қойыўды ўәде етеди. Буныӊ ушын 3 мыӊ 500 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлил менен усланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги