Муқаддес журтымызда әсирлер даўамында көплеген тарийхый, илимий ҳәм диний дәреклер сақланып келеди. Ислам дүньясында «Үлкен Лангар Қураны» аты менен белгили болған, Қураны кәримниң ең исенимли нусқаларынан бири есапланған сийрек гезлесетуғын әййемги қолжазба усылар қатарына киреди. Оның бетлери, тәғдирдиң талабына бола, Россияның Санкт-Петербург қаласында, сондай-ақ, Ташкент ҳәм Бухара қалаларында сақланбақта.

Усы қолжазбаның мәмлекетимизге тийисли тарийхы ҳәм тәғдири ҳаққында қысқаша сөз жүритетуғын болсақ, олар алдын Қашқадәрья ўәлаятының Қамашы районындағы Үлкен Лангар аўылы менен байланыслы екенин атап өтиў керек. Муқаддес китап дәслеп 1520-жылы қурылған, халық арасында «Лангар ата зыярат орны» деп айтылатуғын мақбара жанындағы мешитте сақланып келген. Орыс патшалығы ҳүкимранлығы дәўиринде болса Қуран бетлериниң үлкен бөлеги Россияға алып кетилген.

Мағлыўматларға бола, 1930-жыллары жергиликли уламалар қатаған етилиўинен алдын қолжазбаның қалған бетлерин сол аўылда жасаўшы Абдулла исимли темирши устаға қалдырып кеткен. Бул пидайы инсан китап бетлери совет арнаўлы хызмети хызметкерлери қолына түспеўи ушын оны аўылласларынан бири – бийперзент Қулфи ананың үйине жасырып қойған.

Соң қолжазба бетлери көп ўақыт үлкен лангарлы Тўхта баба Ражабовтың үйинде сақланған. КГБ хызметкерлериниң узақ урынысларынан кейин 1983-жылы түрли қәўип ҳәм зорлықлар менен қолжазбаның бир бөлегин алып кетеди. 1990-жыллары мешитте «Үлкен Лангар Қураны»ның 12 бети қалғаны мәлим болады. Бүгинги күнде усы бетлер Ташкентте, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси китапханасында сақланбақта.

Бул қолжазбаның және бир бети Бухара мәмлекетлик музей-қорықханасында, еки бети Әбиў Әлий ибн Сина атындағы Бухара ўәлаятлық китапханасында, басқа бир бети болса Өзбекстан Илимлер академиясы Шығыстаныўшы институтында сақланады. Усы тәризде бул қолжазбаның жәми 97 бети (81 и – Россия Илимлер академиясының Санкт-Петербургтағы Шығыс қолжазбалары институтында, 16 сы болса – Өзбекстанда) сақланбақта.

Усы китапты изертлеген орыс шығыстаныўшы илимпазы Ефим Резван мағлыўматына бола, қолжазбаның дөретилиў тарийхы VIII әсирдиң ақырғы шереги – араб тили грамматикасы қағыйдалары қәлиплескен дәўирге туўра келеди. Бул изертлеўши 1998-жылы қул қолжазба ҳаққында үлкен халықаралық илимий журналда мақала жәриялайды. Арадан көп ўақыт өтпестен, француз илимпазы Ф.Дерош Е.Резван менен байланысып, қолжазбаның басқа бетлери Өзбекстанда сақланатуғынын мәлим етеди. Мәмлекетимиз ҳүкиметиниң ҳәрекети менен 1999-жылы «Үлкен Лангар Қуран»ды үйрениў бойынша арнаўлы илимий экспедиция шөлкемлестириледи. Өзбек, орыс, француз ҳәм басқа сырт елли илимпазлардан ибарат экспедиция ағзалары излениўлер даўамында бир қатар қызықлы мағлыўматларды анықлаўға еристи.

Қолжазбаның Санкт-Петербургтағы Шығыс қолжазбалары институтында Е-20 инвентарь саны менен сақланып атырған бөлеги 81 беттен ибарат болып, текстлер араб ǝлипбесиниң куфий-ҳижозий жазыўында ысылған тери – пергаментке жазылған. Қолжазбаның шерим муқабасы XIV әсирге тийисли болып, ол XVII әсирдиң орталарында дурысланған.

Усы бетлерден Қураны кәримниң 44 сүреси аятлары (соннан 22 си толық) орын алған. Жазыўдағы парықларға қарағанда, бул қолжазба еки кәтип тәрепинен көширилген.

Экспедиция нәтийжесинде илимпазлар Өзбекстанда ҳәм Россияда сақланып атырған Қуран бетлери әйне бир қолжазбаға тийисли екенин анықлады.

2000-жылдың май айында россиялы ҳәм нидерландиялы илимпазлардың излениўлери нәтийжесинде, Гронинген (Нидерландия) университети Изотоп изертлеўлери орайында усы қолжазба пергаментиниң үлгилери заманагөй техникалар жәрдеминде радиокарбон анализинен өткерилди. Тексериў нәтийжелерине бола, 95,4 процент анықлықта бул қолжазба эрамыздан 775-995-жыллар аралығында көширилген болыўы мүмкинлиги ҳаққында жуўмақ берилди. Илимпазлар усы жуўмаққа сүйенип, қолжазба VIII әсирдиң соңғы шерегине тийисли, деген тоқтамға келген. Бул жуўмақты француз шығыстаныўшысы Ф.Дерош та тастыйықлайды.

Кейинги жыллары Журтбасшымыздың басламасы менен барлық тараўларда болғаны сыяқлы диний-ағартыўшылық бағдардағы бай тарийхый мийрасымызды тиклеў, халқымызға жеткериў ҳәм енгизиўге әҳмийет берилмекте ҳәм бул бойынша көп жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, мәмлекетимиз бойынша 900 ге шамалас мешитлер жаңадан қурылды, қайта тикленди ҳәм оңланды, Ҳаж ҳәм Умра зияратларына барыў ушын имканиятлар кескин арттырылды, уллы әзиз данышпанларымыздың зыярат орынлары ҳәр тәреплеме абат етилди. Сондай-ақ, Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий халықаралық илимий орайлары ҳәм Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы шөлкемлестирилди. Диний-ағартыўшылық бағдарындағы дәреклер басып шығарылмақта.

Бул ҳаққында сөз еткенде, «Үлкен Лангар Қураны»ның бар бетлери  бир пүтин китап ҳалында топланып, оның факсимеле нусқасы Австрия пайтахты Вена қаласында жоқары баспа бети менен таярланғанын атап өтиў керек.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына бола, 17-апрель күни Жиззақ ўәлаятының Замин районында әне усы бийбаҳа Қуран нусқасын «Ағартыўшы» жоме мешитине тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажда мәмлекетимизде диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, бул бағдардағы бай мийрасымызды тиклеў ҳәм ен жайдырыў, оны халқымызға, келешек әўладларға зыянсыз жеткериў бойынша соңғы пайытта алып барылып атырған кең көлемли жумыслар, «Үлкен Лангар Қураны»ның тарийхый, диний ҳәм илимий әҳмийети ҳаққында толық айтылды.

Қураны кәримниң бул нусқасы «Ағартыўшы» жоме мешитине тапсырылды. Жиззақ ўәлаяты бас имам-хәтиби М.Жабборов бул саўғаны қабыл етип алар екен, ўәлаят мөмин-мусылманлары атынан мәмлекетимиз басшысына терең миннетдаршылық билдирди.

Мәресимде Президент кеңесгөйлери Х.Султонов, М.Камилов, Жиззақ ўәлаяты ҳәкими Э.Салиев ҳәм басқалар қатнасты.

ӨзА