Президент Шавкат Мирзиёев 16-апрель күни транспорт ҳәм қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.
Мәмлекетимиздиң жедел сыртқы сиясаты себепли халықаралық байланыслар кеңейип бармақта. Ташкент исбилерменлик ҳәм туризм орайына айланбақта. Сол себепли транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға айырықша итибар қаратылып атыр.
Соңғы жыллары Ислам Каримов атындағы Ташкент халықаралық аэропорты модернизацияланып етилип, жолаўшыларға шараят жақсыланды. Хызмет түрлери, дизимнен өткериў ҳәм самолётқа шығыў жоллары көбейтилди. Улыўма, үш жыллық реконструкция жумыслары нәтийжесинде пайтахт аэропортының жөнеп кетиў терминалы майданы 56 мың квадрат метрден 80 мың квадрат метрге шекем кеңейди.
Ҳәзирги күнде аэропорттағы ушып кетиў терминалы реконструкцияланбақта. Бул үш басқышта әмелге асырылып, дизимнен өткериў, бажыхана ҳәм қәўипсизлик имканиятлары кеңейтилди. Нәтийжеде жолаўшыларға хызмет көрсетиў қуўаты саатына 1 мың 200 адамнан 2 мың 400 ге жетеди.
Сондай-ақ, Ташкент халықаралық аэропортында жаңа карго терминалын қурыў режелестирилген. Буның нәтийжесинде жүклерге сапалы хызмет көрсетиў қуўаты 300 тоннаға жетеди.
2022-жылы 29-августта Үргенш қаласында Аль-Хорезмий қалашасы қурылысына ирге тасы қойылған еди. Ол жерде көп қабатлы жайлар, мектеп ҳәм бақшалар, спорт ҳәм мәденият орайлары, бағлар, технопарк ҳәм басқа комплекслер қурылады. Атап айтқанда, қалаша орайында Аль-Хорезмий университети қурылады.
Жойбарға бола, бул жерде математика ҳәм тәбийғый пәнлер, информатика, инженерлик факультетлери болып, 4 мың студент тәлим алады. Университет қасында қәбилетли балалар ушын қәнигелестирилген мектеп те болады. Сондай-ақ, бул жерде оқыў, илим ҳәм өндирис интеграциясы жолға қойылып, билимлендириў кластери жаратылады.
Презентацияда университет концепциясын байытыў бойынша пикир алысылды. Жаслардың излениўлери ушын заманагөй лабораториялар шөлкемлестириў, стартап жойбарларын қаржыландырыў, санлы технологиялар ҳәм киберспорт бағдарларын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.
Және бир ойшыл бабамыз Әбиў Райхан Беруний де халқымыздың мақтанышы. Оның өмир жоллары, дүнья илимине қосқан үлкен үлесин улығлаў мақсетинде, Президентимиздиң басламасы менен, Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы орайында музей шөлкемлестириў режелестирилген. Ол еки қабатлы болып, ең жедел қурылмалар менен үскенелениўи, интербелсенди усыллар қолланылыўы мөлшерленген. Музей алдындағы бағда Берунийдиң үлкен ескерткиши қойылады.
Презентацияда усы жойбарларға тийисли бир неше усыныслар көрип шығылды. Жуўапкерлерге жойбарларды оптималластырыў, қолайлықларды арттырыў ҳәм сапалы қурыў бойынша көрсетпелер берилди.
ӨзА