2024-жылдыӊ 16-17-апрель күнлери Италияныӊ Флоренция қаласында “Өзбекстан: саҳрадағы авангард” атамасындағы дүркин көргизбелер болып өтеди.

Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры мәлимлеме хызметине бола, көргизбелерде дәслепки мәрте Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Игорь Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейиниӊ топламларында сақланып атырған еӊ сайланды реӊли сүўрет ҳәм графика дөретпелери көрсетилмекте.

Өзбекстан: саҳрадағы авангард” көргизбе жойбарыныӊ Флоренция бөлими “Нур ҳәм реӊ” деп аталады. Онда тийкарғы итибар Түркстанда 1917-жылға шекем дөретиўшилик еткен Шығыс ықласбентлеринен баслап ХХ әсирдиӊ биринши ярымында Өзбекстанда қәлиплескен миллий реӊли сүўретшилик мектеби ўәкиллериниӊ картиналары менен танысыў мүмкин.

Бул жойбардыӊ үгит-нәсиятлаў ролигин жаратыўда В.Лисенконыӊ “Буға” ҳәм В.Уфимцевтиӊ “Поездға” сыяқлы салмақлы дөретпелерин айрықша ажыратып көрсетиў мүмкин. Үгит-нәсиятлаў видеоролигинде Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Еркин Ваҳидовтыӊ “Нидо” дәстанындағы поэзиялық қатарларынан пайдаланған.

Питти сарайында “Нур ҳәм реӊ” жойбарыныӊ Флоренция бөлими жәмийетшилик ушын 16-апрельден 30-июньға шекем ашық болады.

“Өзбекстан: саҳрадағы авангард” атамасындағы дүркин көргизбелердиӊ және бири “Түр ҳәм белги” атамасындағы Венеция бөлими экспозициясы кеӊ жәмийетшилик ушын 17-апрельден 29-сентябрьге шекем Ка-Фоскари университетиниӊ көргизбелер майданында көрсетиледи.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзА хабаршысы