Қәдирли ўатанласлар!

Бәринен бурын, муқаддес динимиз буйырған ибадат ҳәм әмеллерди мүбәрек Рамазан айында қызғын, ықлас пенен орынлап, бүгинги ҳайыт байрамын үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз, әзизлерди, елимиздеги мөмин-мусылманлар, пүткил халқымызды шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Усындай бахытлы мәўритлерге жеткергени ушын Алла таалаға шексиз шүкиршилик болсын!

Шын жүректен еткен дуўа ҳәм нийетлеримиз, қайырлы ҳәм ийгиликли әмеллеримизди Жаратқан ийем өз дәргайында қабыл еткей!

Инсан қәдирин улығлайтуғын саўаплы жумысларымыз даўамлы болсын!

Әзиз ўатанласлар!

Ҳәммемизге белгили, ислам дини – тынышлық, жақсылық ҳәм инсаныйлық дини болып есапланады. Муқаддес китапларымызда «Тынышлық-аманлық, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршиликке умтылып жасаў – ҳақыйқый мөминге тән пазыйлет», деп атап өтилгени де бул пикирди тастыйықлайды.

Быйылғы Рамазан күнлеринде мине усы қәдириятлар турмысымызда және де айқын көринди. Мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар динимиздиң тийкарғы мазмуны менен, оның кеңпейил идеясы ҳәм түсиниклери менен үнлес ҳәм бирдей екенин бәршемиз және бир мәрте терең сезиндик.

Пәк нийетлер орынланатуғын усы айда диярымыз мусылманлары диний әмеллерди емин-еркин орынланыўы ушын барлық шараятлар жаратылды. Наўқаслар, майып ҳәм кексе инсанлар, кем тәмийинленген шаңарақлар, мүтәж қатламларға меҳир ҳәм итибар және де күшейди. Буны бир ғана мысал, яғный жәрдемге мүтәж инсанлар ушын 20 миллиард сумнан аслам материаллық жәрдем көрсетилип, мәҳәлле ҳәм қайырқомлық шөлкемлери тәрепинен барлық аймақларымызда ифтарлық ҳәм қайыр-сақаўат мәресимлери өткерилгени де тастыйықлайды.

Әсиресе, 25-март кешесинде Наманганда Ферғана ойпатындағы үш ўәлаят жәмийетшилиги ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген, пүткил мәмлекетимиз мәҳәллелерин қамтып алған ифтарлық мәресимлери көпмиллетли Өзбекстан халқын мисли көрилмеген бир дастурхан әтирапында бирлестирип, бул айға тән ийгиликли пазыйлетлердиң және бир жәмленген көриниси болды.

Қутлы Рамазан күнлеринде бир топар уламаларымыз сырт мәмлекетлерге барып, ўатанласларымызға халқымыздың қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерип, олардың ислам мәрипатынан заўық алып атырғаны айрықша дыққатқа ылайық болып табылады.

Ҳүрметли дослар!

Жаңа Өзбекстанда елимиздеги барлық миллет ҳәм конфессия ўәкиллери ушын ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, олардың тили, мәденияты ҳәм үрп-әдетлерин раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта. Соның ишинде, жаңа мешитлер қурылмақта, уллы уламалар, әзиз данышпанларымыздың зыярат етиў орынлары абат етилмекте, миллий ҳәм диний қәдириятларымыз тикленбекте. Мүбәрек Ҳаж ҳәм Умра зыяратлары ушын кең имканиятлар ашылмақта.

Мине, усы жылы да Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен елимизде үш күнлик дем алыс жәрияланды. Бул болса байрамды және де пайызлы ҳәм мазмунлы өткериўге, өз-ара мийрим-шәпәәт байланысларын байланыстырыўға хызмет етеди.

Бул бағдардағы жумыслар келешекте да даўам еттирилетуғыны сөзсиз. Буның ушын ҳәзирги дүнья жүзинде жүзеге келген оғада қыйын ҳәм қәўипли жағдайда диярымыздағы тыныш ҳәм парахат турмысты көздин қарашығындай қәстерлеп-сақлаў, және де аўызбиршиликли болып, халықтың мәпин тәмийинлеўге қаратылған реформаларымызды жаңа басқышқа көтериў зәрүр екенин, бәршемиз жақсы түсинип жетемиз, – деп ойлайман.

Нураныйлер, диний-ағартыўшылық тараўы ўәкиллери, көп миллетли дослық жәмийетлериниң үлгили бирге ислесиўи ҳәм олардың «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарындағы белсене қатнасыўларын айрықша қанаатланыўшылық пенен қәдирлеймиз.

Ҳәзирги ўақытта жасларымызды әзелий қәдириятларымыз бенен бирге заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди пуқта ийелеген, Ўатан топырағын көзине тотыя етип жасайтуғын инсанлар етип тәрбиялаў тийкарғы миннетимиз екенин бәрқулла есимизде тутыўымыз керек. Соның ишинде, «Жақсылық – сүренимиз, ағартыўшылық – қуралымыз» деген сүрен тийкарында билим бериў орынлары ҳәм мәҳәллелерде алып барылып атырған тәрбиялық жумысларды күшейтиўимиз керек.

Бул бағдарда Ҳаж ҳәм Умра сапарларына барып келген ўатанласларымыздың «мәҳәлле жетилиги» ҳәм белсендилеримиз бенен бирге айрықша үлги көрсетиў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлаймыз.

Жаратқанның рахмети зыяда болып турған бул ырзашылық мәўритлерде сырт елдеги ўатанласларымызды, узақ ҳәм жақын мәмлекетлердеги барлық мусылман халқын Рамазан ҳайыты менен қызғын қутлықлаймыз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Кеўиллеримиз қуўанышқа толған мине, усы муқаддес байрамда сизлерди мүбәрек Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Иләйым, барлық жақсы нийетлеримиз әмелге ассын!

Жаратқан Ийемиздиң өзи елимизди өз панайында сақласын!

Рамазан ҳайыты бәршемизге мүбәрек болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти