Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында өткерилип атырған мәжилисте атап өтилгениндей, Жиззақ ўәлаятында экономиканы жаӊа басқышқа көтериў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтыӊ дәраматларын арттырыў ушын потенциал толық иске қосылмай атыр. Ўәлаят ҳәм районлар басшыларыныӊ бул бағдардағы жумысы оғада төмен дәрежеде екени көрсетип өтилди.
Соӊғы үш жылда Жиззақта жыллық айланыс 1, 10 ҳәм 100 миллард сумнан жоқары кәрханалар саныныӊ өсиў пәти күтилгендей болмай атыр.
Ўәлаяттыӊ егислик жеринде жетистирилип атырған өним басқа ўәлаятларға салыстырғанда 2 есеге аз.
Аймақта санааттыӊ 80 проценти 3 тармақ – автомобиль қурылысы, тоқымашылық ҳәм қурылыс материаллары үлесине туўра келеди. Фармацевтика, тери-санаат, металлургия, мебель ислеп шығарыў, электротехника сыяқлы тармақлардыӊ үлеси оғада аз.
ӨзА