Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтпекте.

Кейинги жети жылда Жиззақта да үлкен өзгерислер болды.

Бул дәўирде ўәлаятқа 5 миллиард доллар инвестиция, соның ишинде, 3 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясы тартылып, 2,5 мың жаңа кәрхана иске қосылды.

Бул арқалы 45 мың жаңа турақлы жумыс орынлары жаратылды. Исбилерменлер 10,5 мыңнан 20 мыңға шекем көбейди. Бул – республикалық көрсеткиштен 50 процент көп.

Ҳеш екиленбей, Жиззақта аўыл хожалығынан санаатқа оғада үлкен секириў болды, деп айтыўға барлық тийкар бар.

ӨзА