Ҳүрметли ўатанласлар!

Өзбекстан әзелден расасы, миллети, тили, дини, соцаллық келип шығыўы ҳәм исенимине қарамастан, барлық инсанлар ушын мүдаққес жер, Ўатан болып келген.

Мәмлекетимиз пуқаралары сыйынатуғын барлық динлерде тәбиятты қорғаў ибадат дәрежесине көтерилгени итибарға илайықлы. Атап айтқанда, муқаддес Қураны кәримде сондай мәрҳамат етиледи: “Ол сизлерди жерде пайда етти ҳәм оған сизлерди абатлығы ушын қойды”. Алла таала усы аяты кәримада жер ҳәм оны қоршап турған тәбиятты қәстерлеп сақлаўға, оннан ақылға уғрас пайдаланыўға буйырады.

Сондай-ақ, христианлықтыӊ муқаддес дәреги Библияда инсан иләҳий дөретиўшиликтиӊ гүли ҳәм басқа жанзатлар ушын жуўапкер екени атап өтилсе, иудаистлик тәлийматындағы “жоқ етилмеў” принципи тәбият ҳәм тири жанзатларға жаўызлық, атап айтқанда, мийўели тереклерди кесиўди қадаған етеди.

Буддистлик әдеп-икрамлылық кодексинде  “адамлар ҳәм басқа жанзатларға зыян бермеў” атап өтилген. Ҳиндуизм ҳәм Баҳоий тәлийматында да тәбиятты қорғаўға қатаӊ шақырады.

Әзиз ўатанласлар!

Соӊғы жыллары дүньяда бақланып атырған климат өзгериўи менен байланыслы глобал машқалалар, тилекке қарсы, мәмлекетимизди де шетлеп өтип атырғаны жоқ. Болып атырған шаӊ-тозаӊлар, ҳаўаныӊ патасланыўы, сондай-ақ, жаўын-шашын нормаларыныӊ бузылыўы сөзимизди тастыйықлайды. Бул ҳәр бир ақылы пүтин адамды бийпәрўа қалдырмаўы керек.

Күни кеше Президентимиздиӊ басшылығында өткерилген “Жасыл мәкан” жойбары шеӊберинде бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў, шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилисинде бул әҳмийетли мәселеге айрықша тоқтап, терек егиўди ғалаба ен жайдырыў, улыўмамилий ҳәрекетке айландырыў, бул басламаға шын жүректен қатнасыў кереклиги атап өтилди.

Быйыл бәҳәрде “Жасыл мәкан” жойбары шеӊберинде 125 миллион түп нәл егиў белгиленди. Экология министрлигине “Мениӊ бағым” жойбарын иске қосыў тапсырылды.

Усы мақсетте бюджетте нәзерде тутылған 50 миллиард сум ажыратылады. Орынларда 444 жасыл бағ ҳәм 160 жәмийетлик парк шөлкемлестириўге көрсетпе берилди.

Президентимиздиӊ жанкүйерлик пенен айтқан сөзлери өмирлик тийкарға ийе. Себеби соӊғы ўақытлары халық арасында қоршаған орталыққа писент етпей, итибарсыз қараў жағдайлары бақланбақта.

Бундай жағдайлар барған сайын көбейиўиниӊ нәтийжесинде глобал экологиялық машқалалар пайда болмақта.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Барлық дин ҳәм миллий мәдениятлар инсанларды турақлы пәклик ҳәм азадалыққа шақырады. Бәринен бурын кеўилден басланған пәклик руўхы денемизди, жасап атырған Ўатанымызды азада сақлаўға шақырады. Ҳәдиси шәрифлерде келтирилиўинше, “пәклик ийманныӊ ярымы”

Көринип турғанындай, қоршаған орталықтыӊ пәклиги кеўил пәклиги менен тиккелей сәйкес.

Шаӊарақларымыз, атап айтқанда, көп қабатлы жайлардыӊ әтирапы, салмалар, көшелер, қойымшылық ҳәм оныӊ әтирапын жәрдем жолы менен тазалаўдай гөззал әдет әййемнен халқымыз арасында әдет болып келген. Бирақ өкинишлиси, соӊғы ўақытлары ўатанласларымыз бул кәдириятлардан узақласып атырғандай.

Соныӊ ушын, мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, уламалар, миллий мәдений орайлардыӊ ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары ҳәм кеӊ жәмийетшиликти итибар қаратыўға шақырып, ҳәммениӊ әҳмийетли ўазыйпасын былай баян етти: “Әлбетте, бундай машқалаларды тек ғана ҳәкимшилик жол менен шешип болмайды. Оған жас әўлад қәлбинде ана тәбиятқа көзқарас сезимин тәрбиялаў арқалы ерисиў мүмкин. Мәҳәлледе, көшелерде шығынды таслаған адамды көргенде “бул исиӊиз надурыс болды”, дейтуғын орталықты қәлиплестириўимиз, адамларды соған үйретиўимиз керек. Бул – ҳәммемиздиӊ жумысымыз ҳәм инсаныйлық миннетимиз болып табылады ”.

Ата-бабаларымыз булжытпай әмелге асырып келген бул ҳикметке, бәринен бурын өзимиз әмел етиўимиз, қалаберди, өсип киятырған жас әўладқа гөззал тәризде үйретиўимиз керек.

Қоршаған орталықты таза сақлаў да бүгинги күннинӊ әҳмийетли мәселелеринен есапланады.

Тилекке қарсы, айырым орынларда шығындыларды суўға ағызыў, жолдыӊ шетлеринде қалдырыў жағдайлары ушырасып турыпты.

Әсиресе, ағын суў – каналлар, жап-салмаларға шығындылардыӊ биле тура ағызылып атырғаны оғада ашынарлы. Иләҳий дәреклердиӊ билим бериўинше, қурғақшылықтыӊ көбейиўи, дийқаншылықтан қут-берекеттиӊ кетиўи, түрли кеселликлердиӊ тарқалыўы ҳәм өрт, суў бәлеси сыяқлы тәбийғый апатлар инсанлардыӊ қылмысларына жараса ескертиў есапланады.

Уллы ойшыллар дәретпелеринде, уллы тарийхый шахслардыӊ ҳикметлеринде қоршаған орталыққа байланыслы бир қатар мәселелер баян етилген. Атап айтқанда, Әбиў Әлий ибн Сино “Медицина нызамлары” дөретпесинде қоршаған орталықтыӊ инсан саламатлығы ҳәм руўхыятына тәсирин ашып берген.

Әмир Темур боз жерлерди өзлестирген адамлар яки бағ жаратқанларды хошаметлеген. Әлийшер Наўайы болса тәбиятқа қыянетти дослыққа қыянет етиўге теӊеген.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ийманлы адам тәбиятқа азар бермейди. Ал оны абадан етиў, көклемзарластырыў ҳәрекетинде болады. Нәл егиў ҳаққында сөз барады екен, оныӊ әҳмийетин Имам Бухарий бабамыз рәўият еткен төмендеги Ҳәдистен билип аламыз: “Егер Қыямет қайым болса, қай бириӊиздиӊ қолында бир дана қурма нәли болса, Қыямет қайым болғанша оны егиўге қәдир болса, оны егип қойсын”.

Ҳақыйқатында, Жаратқанныӊ алдында абат етиўшилер қатарында болыў еӊ абзал ис.

Соныӊ ушын, усы әзиз ўатанныӊ ҳәр бир пуқарасы “Жасыл мәкан” улыўма миллий илажы шеӊберинде өзи жасап турған қала аўылын, мәҳәллесин абат етиўде белсенди болыўы керек. Бул еки есе жетискенлик, ҳәм мәмлекетимиз абат болып, қала аўылларымыздыӊ көриниси көркемлеседи, ҳәм бундай қайырлы жумысларымыздыӊ саўабы садақа сыпатында әмел дәптеримизге жазылады.

Усы жақсы маӊсетлерге ерисиў дин ҳәм исенимине қарамастан, барлық пуқаралардан күшлерди бирлестириўди талап етеди.

Соған тийкарланып, биз, Өзбекстанда жасап атырған диний конфессиялар, миллий мәдений орайлар ҳәм “Нураний” қоры басшылары барлық ўатанласларымызға бир аўыздан мүрәжат етемиз:

– жәннет мәкан Өзбекстанныӊ тәбиятын сақлаӊ, үйлеримиз, көшелеримиз, мәҳәллелеримиз, аўыл ҳәм қалаларымыздыӊ тазалығына үлес қосыӊ ҳәм “Әҳмийетли он күн” илажларында белсенди болыӊ;

– мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жәрияланған “Жаӊа Өзбекстан – жасыл мәканда бирге жасайық!” улыўма миллий жойбары шеӊберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў басламаларын қоллап-қуўатлаӊ;

– жаратылып атырған кеӊ имканиятлардан пайдаланған ҳалда мүбәрек Ҳаж сапарына атланып атырған 15 мыӊ ўатанласымыз “Абат шаӊарақ – абат көше – абат мәҳәлле” принципи тийкарында жумысларды шөлкемлестириўде мәҳәлледегилерге өрнек болыӊ. Сизлердиӊ бул бағдардағы ис-ҳәрекетлериӊиз басқаларға ибрат болып хызмет етеди;

– ийгиликли дәтүрлеримизге үнлес тәризде ҳәр бир шаӊарақта перзентлер ата-аналарына, ат-аналар перзентине атап терек нәллерин егиў ҳәм өсириў басламасын алға қоямыз;

– өмирлик тәжирийбе, пәтия ҳәм тилеклери халқымыз ушын бәрқулла үлкен сүйениш болып келген 3 миллионнан аслам нуранийлардан халық тәрепинен нәллерди сапалы егиўди шөлкемлестириўде жасларға үлги болып және де белсендилик ҳәм баслама күтип қаламыз;

– терек егиў, гүл өсириў ҳәм оларды тәрбиялаўды ийгиликли кәдириятқа айландырайық! Муқаддес дәстүрлеримиз қатарында перзентлеримиз қәлбине сиӊдирейик!

Жаратқан Пәрўардигарымыз бәршемизди пәкликке умтылыўшы, билгенлерине әмел етиўши, денеси, ийманы, үйи-жайы – Ўатанын таза услаўшы, бағлар өсириўши ҳәм Жер жүзин абат етиўшилерден етсин!